Билимлендириўдиң сапасы жоқары болған мәмлекетте экономика турақлы өседи – Президент
Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен сөйлесиў өткермекте.
Кейинги сегиз жылда билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында да он жылларға тең келетуғын жумыслар әмелге асырылып, үлкен нәтийже ҳәм жетискенликлерге ерисилгени атап өтилди.
Өткен дәўирде мәмлекетимиз экономикасы 2 есеге өсти, жылдың жуўмағы менен жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетеди. Жалпы ишки өним көлеми де жылдың ақырына шекем 130 миллиард доллар болады.
Барлық тармақларға заманагөй технологиялар ҳәм инновациялар кирип киятырғаны есабынан быйыл экспорт 25 миллиард долларға алып шығылады. Өткен 8 жылда болса мәмлекетимизге 130 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилди.
Итибарлысы, бурын инвестиция тийкарынан шийки зат ресурсларына киргизилген болса, ҳәзир ҳәр бир тараўда жаңа өнимлерди ислеп шығарыў, инфраструктураны жақсылаўға қаратылмақта.
-Мен бул экономикалық көрсеткишлерге не ушын көп тоқтап атырман? Себеби экономика қаншелли беккем болса, билимлендириў раўажланады. Билимлендириўдиң сапасы жоқары болған мәмлекетте болса экономика турақлы өседи. Бул – турмыс нызамы! – деди мәмлекетимиз басшысы.