Президент: Жаңа Өзбекстанда ең әҳмийетли тараў – билимлендириў, ең ҳүрметли инсанлар – муғаллим ҳәм устазлар болып есапланады
Өткен сегиз жылда билимлендириў ҳәм илимге қәрежетлер 6 есеге арттырылып, 378 триллион сум қаржы ажыратылды. Алтын-валюта резервлеримиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 50 миллиард долларлық шектен асты.
– Экономикамыз турақлы өсип атыр, ресурс ҳәм резервлеримиз де жетерли.
Бул – бақша, мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларын қурыў, билимлендириў ҳәм илим дәргайларын заманагөй үскенелеў, устаз ҳәм муғаллимлердиң материаллық мәпдарлығын турақлы арттырып барыўдың кепили емес пе?!
Бир сөз бенен айтқанда, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм муғаллимлер менен устазлардың мийнет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў реформаларымыздың ең тийкарғы бағдары болып қалады.
Себеби, Жаңа Өзбекстанда ең әҳмийетли тараў – билимлендириў, ең ҳүрметли инсанлар – муғаллим ҳәм устазлар!, – деди Президент.