Президентимиз бақша тәрбияшылары ушын әҳмийетли жаңалықты айтты
Ҳәзирги ўақытта 7 мыңнан аслам мәмлекетлик бақшаларда 120 мыңға шамалас педагог болса да, олардың тек ғана 34 проценти жоқары мағлыўматқа ийе. Бирақ ҳәзирги ўақытта тәрбияшылардың мектеп муғаллимлери сыяқлы категорияны алыўы ушын жоқары оқыў орны дипломы талап етиледи. Сол себепли жоқары мағлыўматлы ҳәм орта мағлыўматлы тәрбияшының айлығында айырмашылық бар.
Сонлықтан, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша тәрбияшыларын жумыстан ажыралмаған ҳалда жоқары оқыў орынларында оқытыў жолға қойылып, жылына 10 мың тәрбияшы жоқары мағлыўматлы болады.
Және бир жаңалық. Тап Президент мектеплери сыяқлы ҳәр бир ўәлаятта “Жаңа әўлад” бақшалары шөлкемлестирилип, оларда тәрбияшылар алдынғы педагогикалық технологияларды үйренеди.
Ең әҳмийетлиси, жаңа методикаларды үйрениў ушын бул орынлардың есиги жеке меншик бақша тәрбияшыларына да бәрқулла ашық болады.