Усы айдан бақша басшылары да мектеп директорының орынбасары менен бирдей айлық алатуғын болды
Реформалардың дәслепки басқышында-ақ мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылды.
2017-жылы 4 мыңнан аслам мәҳәлледе бир де бақша жоқ еди, қамтып алыўы 27 проценттен артпайтуғын еди. Бүгинги күнде бақшалардың саны 38 мыңнан, қамтып алыўы болса 78 проценттен артты.
Жақында билимлендириў тараўында жәрияланған жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлар есабынан бақша кирип бармаған бирде-бир мәҳәлле қалмайтуғыны, қамтып алыўы да 80 проценттен аз болмаўы атап өтилди.
Бақша тәрбияшыларының айлығы мектеп муғаллимлерине теңлестирилди. Усы айдан бақша басшылары да мектеп директорының орынбасары менен бирдей айлық алатуғын болды. Бир сөз бенен айтқанда, бақша басшысы ҳәм педагоглардың айлығы дерлик 2 есеге артты.
Енди жеке меншик бақшалардағы тәрбияшылардың айлығы ҳәм бала қәрежетиниң бир бөлеги бюджеттен қаплап берилетуғын система енгизиледи.
Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен сөйлесиў өткермекте.