9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи
Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен сөйлесиў өткермекте.
-Халқымыздың келешеги мектептен басланады. Себеби перзентлеримизге билим ҳәм тәрбия бериўдиң ең узақ даўам ететуғын, керек болса, шешиўши басқышы бул – мектеп билимлендириўи, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәзирги ўақытта мектеплерде 6,5 миллион оқыўшы билим алмақта. Быйыл мектеплерди 400 мыңға шамалас оқыўшы питкерген болса, 1-классларға 720 мың бала қабыл етилди. Соның ушын, кейинги сегиз жылда 500 ге шамалас жаңа мектеплер қурылғаны, барларының кеңейтилгени есабынан 1 миллион оқыўшы орны жаратылды.
Жеке меншик мектеплерге үлкен шараят жаратылғаны нәтийжесинде ата-аналар ушын таңлаў имканияты пайда болды. Бүгин 200 мыңнан аслам ул-қызларымыз жеке меншик мектеплерде оқып атыр.
Мектеп билимлендириўинде және бир қатар әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Жаңа оқыў жылынан баслап мектеп дәўиринде оқыўшылардың қәбилетине қарап, кәсип ямаса жоқары билимлендириўге бағдарлаў ушын 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи. Бул арқалы 400 мыңға шамалас 9-класс питкериўшилери техникумларға қамтып алынады.
Оқыўды мектепте даўам еттирип, жоқары оқыў орнына кириў тилегинде болған жасларға пәнлер таңлаў тийкарында тереңлестирилип өтиледи.
Бир сөз бенен айтқанда, мектептеги жуўмақлаўшы имтихан нәтийжелери менен питкериўшилер қәлесе техникумға, қәлесе жоқары оқыў орнына кире алатуғын болады.