Өткен жылы тек ғана шет тиллердиң өзинен 150 мың жасларымыз халықаралық сертификатқа ийе болды
Ҳәр жылы онлаған мың мектеп оқыўшылары шет тили ҳәм пәнлер бойынша халықаралық сертификатлар алмақта.
Мәселен, 2016-жылға шекем жәми 2 мың мектеп оқыўшысы сертификат алған еди. Өткен жылы тек ғана шет тиллердиң өзинен 150 мың жасларымыз халықаралық сертификатқа ийе болды.
Енди бундай сертификатлар мектептеги жуўмақлаўшы имтиханларда да тән алынатуғыны айтылды.
-Бүгинги илажымызда өзи жас болыўына қарамастан, жүзлеген ул-қызларымызды жоқары шеклерге жетеклеп атырған қағанлы қызымыз Биллура Икрамова да қатнаспақта.
Биллура қызымыз топ-200 ликке киретуғын Уллы Британияның Рединг университетин тамамлап, үлкен-үлкен мәкемелерден болған мирәтлерди бийкарлап, Ромитанның ең шетки аўылындағы мектепте инглис тилинен сабақ бермекте.
Ямаса Оксфорд университетиниң докторанты Нодира Набийева еситиў қәбилетин жоғалтқан оқыўшыларға инглис тилин үйретиў бойынша инновациялық методика жаратты. Германия ҳәм АҚШтағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары бул методикадан пайдаланып атырғаны бизди қуўандырады.
Ең үлкен нийетим, мақсетим – билимлендириў ҳәм және бир мәрте билимлендириўге итибар қаратып, бундай талантлы ҳәм пидайы жас оқытыўшыларымыздың қатарын кеңейтиў. Оның ушын ҳәр қандай шараятларды жаратып бериўге таярман, – деди Президент.