Келешек – заманагөй билимлер менен қуралланған жаңа кәсип ийелериники болады – Президент
Президент Шавкат Мирзиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен сөйлесиў өткермекте.
– Биз жасларымызды тек ғана заман менен үнлес емес, ал келешекке таяр етип тәрбиялаўымыз керек. Ҳеш қашан умытпайық, келешек – заманагөй билимлер менен қуралланған жаңа кәсип ийелериники болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Экономикамызға жылына 30-35 миллиард доллар инвестиция, жаңа бағдарлар, заманагөй технологиялар кирип келмекте, мыңлаған кәрханалар иске қосылмақта. Соның өзинен жылына 250-300 мың әтирапында жоқары дәраматлы жумыс орынлары пайда болмақта.
Бул орынлар, бәринен бурын, жасларымыздың жумыслы болыўы ушын қосымша имканият. Бирақ олар заманагөй технология ҳәм шет тиллерин билиўи, кәсиплик көнликпе ҳәм маманлыққа ийе болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
2026-жыл жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў жылы болатуғыны атап өтилди.
Усы мақсетте Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестирилмекте. Бул агентлик ҳәм ҳәкимлердиң тийкарғы ўазыйпасы барлық 598 техникумға жаңа орталық алып кириў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўден ибарат болады.