Сөйлесиўде дуал тәлим менен қамтып алыў 5 есеге арттырылатуғыны атап өтилди
17
Бирге ислесиўши кәрханаларды хошаметлеў мақсетинде оларға 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылып, дуал билимлендириў арқалы жумыс ислеп атырған оқыўшылар ушын бирден-бир социаллық төлем еки есеге қысқартылады.
Ҳәзирги ўақытта жаңа технологияларды өзлестириў, сырт ел инвесторлары менен еркин пикирлесиў ушын шет тиллерин оқытыў оғада әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Сол себепли, техникумлардағы шет тиллери ушын ажыратылған саатлар 4 есеге көбейтиледи.
Улыўма, келеси жылдан жаңа санлы платформа иске қосылады.
Онда техникум питкериўшилериниң кәсиплик көнликпелери ҳаққындағы барлық мағлыўматлар тек ғана өзимиздиң емес, ал сырт елли жумыс бериўшилер ушын да ашық-айдын болады.