Президент қарарына муўапық, мектеп мәсләҳәтшиси лаўазымы енгизилмекте
22
Олар 7-класстан баслап оқыўшылардың пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығы бойынша таңлап, 9-классты питкергенинде техникумларға жоллама береди.
Соның менен бирге, 9-классты питкерип, техникумға кирген жасларға мектепке қайтып келиў имканияты бар. Енди 10-классқа өтип, мектепте оқыў пикиринен қайтқан жаслар да билимлендириўди техникумда даўам еттириўи мүмкин болады.
Буннан тысқары, быйыл 11-классты питкерип, жоқары оқыў орнына кире алмаған 200 мың жаслар да техникумларда 3-6 айлық қысқа мүддетли бағдарламалар тийкарында кәсипке оқытылады.
– Жаңа басламаларымыздан мақсет не? Ҳәр бир баланы кәсип-өнер арқалы дәраматлы етсек, барлық шаңарақлардың руўзыгершилиги пүтин болады, мәҳәллелерде тынышлық ҳүким сүреди, – деди Президент.