Техникумларда да жоқары оқыў орынларындағы сыяқлы илимий дәреже ҳәм атақлар ушын үстемелер төлеў жолға қойылады
Мәмлекетимиз басшысы техникумдағы оқытыўшы ҳәм усталардың маманлығын, жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша да жаңа басламаларды алға қойды.
Соның ишинде, мектептеги сыяқлы техникумлардың оқытыўшы ҳәм усталары ушын кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи.
Бул арқалы техникум устазларына миллий сертификат ушын айлығының 30 проценти, халықаралық сертификатқа болса 50 проценти муғдарында үстеме төленеди.
Соның менен бирге, техникум директоры ҳәм орынбасарларына мектептеги кәсиплеслеринен кем болмаған айлық бериледи. Егер олар “Директорлар мектеби”нде менеджерлик сертификатын алса, және қосымша 20 процент үстеме төленеди.
Енди техникумларда да жоқары оқыў орынларындағы сыяқлы илимий дәреже ҳәм атақлар ушын үстемелер төлеў жолға қойылады.
Ҳәр жылы 500 оқытыўшы алдынғы сырт ел билимлендириў шөлкемлерине, және 500 уста болса сырт елдеги ири кәрханаларға стажировкаға жибериледи.