Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Абу-Даби раўажланыў фонды” басшылары Қарақалпақстанға келди
Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Абу-Даби раўажланыў фонды” Бас директоры Моҳамед Саиф Ал Суўаидий басшылығындағы ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы бас директоры Тарифа Ал Зааби қатнасыўындағы делегация Қарақалпақтанға келди ҳәм Аралбойы халықаралық инновация орайында шөлкемлестирилген илажда қатнасты.
Илаждың тийкарғы мақсети “Абу-Даби раўажланыў фонды”ның қаржылай қоллап-қуўатлаўы менен IKBA, Ѳзбекстан Республикасы Экология министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети, Аралбойы халықаралық инновация орайы, Қарақалпақтан дийқаншылық илим-изертлеў институты ҳәм бир қатар мәпдар шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылып атырған “Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системаларын раўажландырыў” жойбары шеңберинде ерисилген әҳмийетли нәтийжелер менен танысып, жойбар шеңберинде қурылған Интеграцияласқан агро-аквакультура системалары пилот жойбарын салтанатлы түрде иске түсириўден ибарат.
Мийманлар менен ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасты ҳәм мийманларды Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетимиз басшысы басламалары менен әмелге асырылып атырған реформалар, жойбарлар ҳәм алдағы режелер менен таныстырып ѳтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги жойбардың нәтийжелери ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар тек ғана Қарақалпақстан ушын емес, ал пүткил Аралбойы регионы, сондай-ақ, глобал көлемде ықлым өзгериўиниң унамсыз тәсирлерине бейимлесиў ҳәм оларды жумсартыў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул баслама турақлы аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм халықтың турмыс сапасына унамлы тәсир көрсетеди. Онда алдағы ўақытта бундай бирге ислесиўлер кѳлемин және де кеңейтиў бойынша бир қатар усыныслар да берилди.
Илажда даўамында жойбар шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери бойынша Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры Б.Хабибуллаев перезентация жасады.
Моҳамед Саиф Ал Суўаиди бул басламаны ықлым өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў жолындағы үлкен қәдем сыпатында баҳалап, Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумыслар региондағы экологиялық турақлылық ҳәм халықтың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Ушырасыўдан соң Интеграцияласқан агро-аквакултура системалары пилот жойбары салтанатлы түрде иске түсирилди. Бул система жәрдеминде сазан балықлары, шорланыўға шыдамлы егинлер ҳәм спирулина суў оты жетистириў жолға қойылады. ИААС системасының тийкарғы инновациясы - суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл хожалығы ҳәм аквакултураны бирлестирген ҳалда турақлы өндириске ерисиў болып есапланады.