Төрткүл - Елликқала - Беруний айланба жолын реконструкциялаў мәселелери талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Азия раўажланыў банкиниң қубла, орайлық ҳәм батыс Азия аймақлары бойынша вице-президенти Инмин Янг басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиздиң басламалары менен әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, бул бағдарда Азия раўажланыў банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң, банк қатнасыўында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған халықаралық әҳмийеттеги А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районлары аймағынан өткен бөлегин реконструкциялаў жойбары көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, Азия раўажланыў банкиниң 233,1 млн. доллар қарыз қаржылары тийкарында А380 автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасынан өткен дерлик 87 км бөлегин реконструкциялаў белгиленген еди. Жойбар шеңберинде 75 км узынлықтағы жаңа айланба жол («Төрткүл - Елликқала – Беруний») қурылысы ҳәм бар болған А380 автомобиль жолының 12 км бөлегин қайта қурыў режелестирилген.
Ушырасыў даўамында, Азия Раўажланыў банки қатнасыўындағы жойбарлар инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, елимиз экономикасын беккемлеў, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынлығы айрықша тилге алынып, бирге ислесиў жумыслары буннан-былайда даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.