Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Дәслеп, «Бештом» мәҳәллеси аймағындағы «Amu karavan hotel» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген мийманхана хызмети жойбары көрип шығылды. Жоқарғы Кеңес Баслығына алдағы режелер таныстырылды.
Буннан соң, «Чойкўл» АПЖ аймағындағы «Чойкўл Дўстлик» фермер хожалығы атыз майданында Қытай мәмлекетинен алып келинген пахта териў машинасының жумыс процесси, жаңа техниканың имканиятлары көзден өткерилди. «Бекман Аллаберганов» фермер хожалығының егислик майданындағы теримшилер ҳалынан да хабар алынып, ҳармасын айтылды ҳәм алдынғы теримшилерге саўғалар тапсырылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Айбек» мәҳәллесиндеги «Ойбек мебель» ЖШЖ тәрепинен жолға қойылған мебель ислеп шығарыў жойбары, «Yoqubboy Ashirov» фермер хожалығы тәрепинен Қытай технологиясы тийкарында иске түсирилген пахта, ғәлле ҳәм басқа да дәнли егин туқымларын қайта ислеў жойбары менен танысып, исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмаларды берди.
«Дўрмон» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Сайхунабад тәжирийбеси» тийкарында бир контур-бир өним өлшеми менен жаңадан шөлкемлестирилген ыссыханалар жумысы да көзден өткерилди.
Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткериў барысында Қытай мәмлекетинен келген инвесторлар шөлкемлестириўиндеги «EverPROSPER INVESTMENT CONSULTING» ЖШЖ тәрепинен «Жаңа Өзбекстан» массиви аймағында 600 квартиралы көп қабатлы турақ жайларды қурыў жойбарына старт берилди.