Қарақалпақстанда социаллық хызметлер көрсетиў көлеми арттырылмақта
Мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстанда социаллық қорғаў системасын жетилистириў жумыслары мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды десек алжаспаған боламыз. Себеби, жаңа редакциядағы бас нызамымызда да «Жаңа Өзбекстан - социаллық мәмлекет» деген принцип қатаң белгилеп берилип, усы арқалы «Инсан қәдирин улығлаў» деген ийгиликли идея тийкарындағы әмелий жумыслар жаңа басқышларға алып шығылмақта.
Жақын қысқа дәўир ишинде социаллық қорғаў системасын жетилистириў мақсетинде Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигине бурын өз алдына хызмет еткен онлаған социаллық қорғаў, майыплық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарламалары жәмлестирилип, пуқараларымызға социаллық хызметлерди көрсетиў сапасы арттырылды. Сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызмет, балалар, ҳаял-қызлар, кекселер, майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турақ жай менен тәмийинлениўи мәселелерине шешим табыў бойынша жумысларға айрықша пәт ендирилди. Әлбетте, бул хызметлер арқалы, мың-мыңлап пуқаралардың турмысы жақсыланыўына ерисилди.
Жақын 2 жылдың ишинде, хызметлерди санлы платформа арқалы бирлестириў нәтийжесинде Өзбекстан бойынша 92 мыңнан аслам майыплығы болған шахсқа жумыс табыўда, 10 мыңға шамалас шахстың еркин мийнет етиўди баслаўына жақыннан жәрдем берилди. Қарақалпақстанда болса 5,5 мыңнан аслам майыплығы болған шахстың жумыс табыўына жәрдем берилди.
Өзбекстан бойынша «Кәмбағаллық реестри»не болса, 621 мың шаңарақ киргизилген болса, Қарақалпақстанда бул көрсеткиш 39 089 шаңарақты қурады ҳәм реестрге киргизилген ҳәр бир шаңарақ ушын индивидуал реже ислеп шығылып, исленген әмелий жумыслар нәтийжесинде бүгинги күнде 7 837 шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Сондай-ақ, «Жалғыз кекселер реестри» арқалы мәмлекетимиз бойынша күнделикли турмысын еркин басқара алмайтуғын 17 мың 800 адам қамтып алынған болса, Қарақалпақстанда 1 411 адам қамтып алынды ҳәм бүгинги күнге шекем 200 ден аслам шахс дизимнен шығарылды. 392 өзгелер күтимине мүтәж жалғыз ҳәм жалғыз жасаўшы ҳәмде майыплығы болған шахслардыӊ ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм қайта тиклеўге жәрдемлер берилди. Буннан тысқары, 2 334 кексе ҳәм майыплығы болған пуқараларға саламатлығын тиклеўи ушын санаторияларға жолламалар берилди.
2 090 айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балаларды психологиялық-медициналық педагогикалық комиссия тексериўинен өткериў ушын арзалар қабыл етилип, 1 159 балаға билимлендириў мәкемелери ушын жолламалар берилди. Ҳәзирги ўақытта имканияты шекленген 8 030 бала билимлендириўге қамтып алынған. Сондай-ақ, 117 улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген 194 инклюзив классларда 265 бала, 6 коррекцион классларда 52 бала билим алмақта.
Президент қарары тийкарында майыплығы болған балалар ушын «Күндизги күтим хызмети» шөлкемлестирилип, ПМПК тәрепинен жуўмақ берилген жәми 218 балалар хызметке қамтып алынды.
Буннан тысқары, жыл басынан 4 601 майыплығы болған шахслар жаӊадан дизимге алынды, 3 971 шахсқа бирлемши майыплық топары, 10 219 шахсқа қайта майыплық топары белгиленди.
Майыплығы болған шахсларды спортқа қамтыў мақсетинде республикамыздағы 24 спорт мектебинде 115 тренер басшылығында 910 пара спортшы спорт пенен қамтып алынды. Бир ғана усы жылдың өзинде бул спортшылар тәрепинен жәҳән ҳәм халықаралық турнир чемпионатларында жәми 147 медаль қолға киргизилди.
Президентимиздиң тапсырмасы менен «Белсенди турмысқа қәдем» бағдарламасы шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, жолға қойылған жаңа социаллық хызметлерди көрсетиўши 21 исбилермен, 43 өзин-өзи бәнт еткен шахслар, 2 мәкеме хызметлери «Шаңарақ бирге ислесиўшиси» платформасы арқалы маркет плейсте қәлиплестирилди. Бүгинги күнде бул хызметлерден 1810 жалғыз ҳәм жалғыз жасаўшы ҳәмде майыплығы болған шахслар пайдаланбақта.
Усы жылда үй-жайға мүтәж 87 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды үй-жай менен тәмийинлеў режелестирилген болып, соннан, бүгинги күн жағдайына 60 турақ жай өз ийелерине тапсырылды.
Бүгинги күнде Қарақалпақстандағы 452 мәҳәлледе жасаўшы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына 109 түрдеги хызметлер көрсетилип келинбекте. Буныӊ нәтийжесинде социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардыӊ социалласыўына ерисилди. Әлбетте, халқымыздың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына сапалы социаллық хызметлер көрсетиў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы жумыслар буннан-былай да даўам еттириледи.