Администрациясы баслығының орынбасары Юридика факультети студент-жаслары менен ушырасты
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде әҳмийетли ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Президент Администрациясы баслығының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Нодира Хакимова ҳәм Өзбекстан Республикасы Судялар жоқары кеңесиниң судясы Маликахон Қаландаровалар қатнасты.
Дәслеп мийманлар университетте билимлендириў процесслери ҳәм жаратылған шараятлар менен танысты. Буннан соң Юридика факультети студент-жаслары менен ушырасып, сәўбетлести. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиз келешегин қурыўда жаслардың орны ҳәм жуўапкершилигин айрықша атап өтти. Сәўбетлесиў даўамында мәмлекетимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, олардың жәмийетлик турмыстағы әҳмийети ҳәм жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында айтып өтти.
Студентлер менен сәўбетлесиў барысында олардың сораўлары тыңланып, ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў, сондай-ақ, жаслардың ҳуқықый тараўда белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы пикирлер билдирилди. Бул ушырасыў студентлерде ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерди беккемлеў, сондай-ақ, оларды суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмуны менен жақыннан таныстырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

