Әмиўдәрьяда "Үш әўлад ушырасыўы" өткерилди
Бүгин Әмиўдәрья районында "Үш әўлад ушырасыўы" болып өтти. Онда республика ҳәм район көлеминдеги басшылар, пидайы мийнет ветеранлары, районның раўажланыўына үлкен үлес қосқан тәжирийбели инсанлар, сондай-ақ, жаңа әўлад ўәкиллери болған жаслар қатнасты.
Мийманлар салтанатлы түрде күтип алынды. Илаж шеңберинде өнерментлеримиздиң бийтәкирар қол мийнети өнимлери, исбилерменлердиң ислеп шығарған ҳәр қыйлы өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Илажды ашып берген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов өз сөзинде үш әўлад ушырасыўының жәмийетлик-руўхый турмысымыздағы орны, жасларды тәрбиялаўдағы әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Илаж даўамында түрли тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған орта әўлад ўәкиллери, елимиздиң раўажланыўына үлес қосып киятырған ветеран нуранийлар ҳәм заманагөй билимли ҳәм умтылыслы, белсенди жаслар сыйлықланды.
Онда республика ҳәм район көлеминдеги мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллериниң бир-биринен әжайып қосық ҳәм аяқ ойынлары мийманлар нәзерине усынылды.








