«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
Бүгин Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз басшылығындағы реформалар нәтийжесинде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша оғада үлкен нәтийжелерге ерисилмекте. Усы ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында барлық билим ҳәм тәрбия мәсканларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.
Атап айтқанда, усы жылы барлық бағдарламалар тийкарында жəми 356 млрд. сумлық қаржы есабынан 35 мектепте ҳəм 36 бақшада қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Быйылғы жылдың ѳзинде жоқары оқыў орынларында улыўма баҳасы 145 млрд. сумлық 2150 орынлық 5 жатақхана пайдаланыўға тапсырылды, 3 мектепте халықаралық «Кембридж» оқыў бағдарламасы еңгизилди. Қарақалпақстанлы жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў бойынша өткен үш жылда 20 мың, быйылғы жылда болса қосымша 10 мың 750 квота берилгенлиги кеўиллерди айрықша мақтаныш сезимлерине бөлемекте.
Бүгинги өткерилген иләжда мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен бир топар тараў пидайыларына ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери ҳəм хошаметлеў сыйлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.