Өзбекстан муғаллим ҳәм устазларына
Қәдирли дослар!
Сиз, әзизлерди, өмирин дүнядағы ең уллы ҳәм мақтанышлы иске – нәўқыран әўладтың тәлим-тәрбиясына бағышлаған ҳүрметли устаз ҳәм муғаллимлер, тараўдың барлық жанкүйер хызметкерлерин улыўмахалықлық байрам – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлайман.
Мине усындай қуўанышлы күнде сиз, меҳрибан устазларға елимиздиң жоқары ҳүрмет-иззетин және бир мәрте билдирип, бәршеңизге Жаңа Өзбекстанның келешегин жаратыў жолындағы машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли устаз ҳәм тәрбияшылар!
Жақында сизлер менен болып өткен ашық, атап өтиў мүмкин, тарийхый сөйлесиўимизде тәлим-тәрбия системасындағы жумысларымызды терең таллап, оларды жаңа басқышқа көтериў бойынша анық мақсет ҳәм режелерди белгилеп алдық.
Күни кеше Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясында билимлендириў тараўындағы реформаларымыздың нәтийжелери дүнья жәмийетшилигинде үлкен итибар ҳәм қызығыўшылық оятты. Бул бағдарда ерискен жетискенликлеримиз халықаралық әҳмийетке ийе болған жаңа басламаларды алға қойыў ушын тийкар болды.
Атап айтқанда, кейинги сегиз жылда елимизде билимлендириў ҳәм илимге қәрежетлер 6 есеге арттырылып, 378 триллион сумды қурағаны, жүзлеген жаңа бақшалар, мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў орынлары қурылғаны, билимлендириў ҳәм илим дәргайларын заман талаплары тийкарында үскенелеў, устаз ҳәм тренерлердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеўге қаратылған бағдарламаларымыз айрықша атап өтилди.
Бул ҳаққында айтқанда, мәмлекетимизде қысқа мүддетте бақшалардың санын 5200 ден 38 мыңға, қамтып алыў дәрежесин 27 проценттен 78 процентке арттырғанымыз, тәрбияшылардың мийнет ҳақысы мектеп муғаллимлериниң айлығына теңлестирилгени, бул мәкемелердеги басшы ҳәм педагоглардың мийнет ҳақысы дерлик 2 есеге арттырылғанын атап өтиў керек.
Келеси жылдан Қарақалпақстан ҳәм барлық ўәлаятларда Президент мектеплери сыяқлы “Жаңа әўлад” бақшалары шөлкемлестирилип, оларда тәрбияшылар алдынғы педагогикалық технологияларды үйренеди.
Перзентлеримизге билим ҳәм тәрбия бериўдиң ең әҳмийетли басқышы – мектеп билимлендириўин раўажландырыў турақлы итибарымыз орайында болып келмекте. Кейинги жыллары 500 ге шамалас жаңа мектеплер қурылып, барлары кеңейтилгени есабынан 1 миллион оқыўшы орны жаратылды. Жеке меншик мектеплерге жол ашылыўы себепли ата-аналар ҳәм оқыўшылар ушын таңлаў имканияты пайда болды. Бүгинги күнде 200 мыңнан аслам ул-қызларымыз мине усындай мектеплерде оқып атыр.
Жаңа оқыў жылынан 12 жыллық мектеп билимлендириўи және 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизилип, олардың нәтийжелери бойынша питкериўшилер тиккелей техникум ҳәм жоқары оқыў орынларына кириўи мүмкин болатуғын тәртип жолға қойылады.
Ҳәммемизге белгили, келешек – заманагөй билим менен қуралланған кәсип-өнер ийелериниң үлесинде. Биз бул ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Соның ушын жасларымызды заман менен тең қәдем таслап, ҳәр қандай бәсекиге шыдам бере алатуғын жетик қәнигелер етип тәрбиялаўымыз керек.
Усы мақсетте шөлкемлестирилип атырған Кәсиплик билимлендириў агентлигинен үмитимиз үлкен. Бул агентлик кәсиплик билимлендириў тараўына, бар техникумларға халықаралық стандартлар тийкарында жаңа өмир нәпесин алып кириўи зәрүр.
Бир жыл ишинде 100 техникумда Германия, Уллы Британия, Швейцария, Қытай, Корея Республикасы сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў жолға қойылып, олардың алдынғы оқыў бағдарламалары енгизиледи. Соның ишинде, Англияның “Пирсон” компаниясы менен аймақлардағы 14 техникумда “БИТЕК” халықаралық бағдарламасы арқалы жаслар туризм, мәлимлеме технологиялары, медицина, қурылыс, логистика, электротехника, энергетика, машина қурылысы, биотехнология, креатив экономика сыяқлы бағдарларда талап жоқары болған кәсиплерди ийелейди.
Мәмлекетимизде дуал билимлендириў менен қамтып алыў 5 есеге арттырылады. Ҳәзирги ўақытта жаңа технологияларды өзлестириў, сырт елли инвестор ҳәм шериклер менен еркин пикирлесиў ушын техникумлардағы шет тили саатлары төрт есеге көбейтиледи.
Улыўма, келеси жылдан жаңа, санлы ашық платформа иске қосылып, онда техникум питкериўшилериниң кәсиплик көнликпелери ҳаққындағы мағлыўматлар жергиликли ҳәм сырт ел жумыс бериўшилери ушын жәрияланады.
Соның менен бирге, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде мектеп мәсҳәтшиси лаўазымы енгизилип, олар 7-класстан баслап оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў менен шуғылланады.
Бәршеңизге белгили, биз кейинги жыллары жоқары билимлендириў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратпақтамыз. Әмелге асырылған реформаларымыз нәтийжесинде өткен сегиз жыл ишинде жоқары оқыў орынларымыздың саны 77 ден 202 ге, студентлердиң саны болса 250 мыңнан 1,5 миллионға жетти. Жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириўде таңлаў имканияты көбейтилди. Бул билимлендириў мәкемелеринде сабақ беретуғын муғаллимлердиң айлығы сезилерли дәрежеде арттырылды.
Илимниң белгили бир тараўында изертлеўлер алып барып, анық нәтийжеге ерисип атырған илимпазларымыздың тийкарғы бөлегин профессор-оқытыўшылар қурап атырғаны айрықша итибарға ылайық.
Қәдирли дослар!
Биз муғаллим ҳәм устазлық кәсибиниң статусын ҳәм абырайын арттырыўға шешиўши мәселе сыпатында қарамақтамыз. Сонлықтан тараў хызметкерлериниң мийнет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў реформаларымыздың ең тийкарғы бағдары болып қалады. Соның ишинде, жаңа жылдан баслап кеминде 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориялы педагогларға ипотека кредитиниң басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи.
Келеси оқыў жылында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагоглардың перзентлериниң контракт суммасына 30 процент шегирме енгизилиўи мөлшерленбекте. Муғаллимлердиң заманагөй компьютер техникаларын сатып алыўы ушын 10 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады. Жаңа жылдан тараў хызметкерлери ушын мәмлекетлик хызметлер төлеми еки есеге азайтылады. Дүнядағы ТОП-300 жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген болажақ педагогларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити ажыратылады.
Улыўмаластырып айтқанда, оқытыўшы ҳәм тәрбияшы кәсибин жәмийетимиздеги ең әҳмийетли ҳәм абырайлы кәсипке айландырыў бойынша баслаған жумысларымыз избе-из даўам еттириледи.
Ҳүрметли устазлар, әзиз тренерлер!
Елимиз тарийхындағы еки уллы Ренессансты жаратқан уллы ойшыл ҳәм алымларды да өз ўақтында сиз сыяқлы муғаллимлер тәрбиялап камалға келтирген. Бул ийгиликли дәстүрлердиң даўамшылары сыпатында сиз, әзизлер де бүгин жанажан Ўатанымызда қурылып атырған Үшинши Ренессанс дөретиўшилерин камалға келтириўге мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.
Мине, усындай уллы мақсет жолында сизлерге беккем денсаўлық, күш-ғайрат, жаңа табыслар ҳәм шаңарақлық бахыт тилеймен.
Бәршеңизге ҳәмийше ел-халқымыздың, шәкиртлериңиздиң ҳүрмети ҳәм ардағында болыў несип етсин!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти