Муғаллим ҳәм устазларға қутлықлаў
Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Ең дәслеп, сиз әзизлерди, тәлим-тәрбия тараўының барлық жанкүйер хызметкерлерин улыўмахалықлық байрам – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен шын жүректен қутлықлаймыз.
Уллы әййямда сиз мийнеткеш устазларға кеўлимизде, жүрегимизде болған жоқары ҳүрмет-иззет ҳәм жақсы тилеклерди тилеп қаламыз.
Сизлер дүньядағы ең бийбаҳа байлық ҳәм мәңги мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған жас әўладымызға минсиз жеткериў жолында ҳақыйқый пидайылық көрсетип мийнет етип атырған уллы инсанларсыз.
Әзиз ўатанласлар!
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында илим ҳәм тәлим-тәрбия тараўын мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырыўға қаратылған, шаңарақта перзент туўылғанынан баслап камалға келгенине шекем оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, өмирде мүнәсип орын табыўына хызмет ететуғын тутас ҳәм үзликсиз система жаратылмақта.
Мәмлекетимизде жаңа түрдеги ҳәм жаңа сапа басқышындағы билимлендириў дәргайлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер жумыс алып бармақта.
Буннан тысқары, жоқары билимлендириў тараўында да исенимли реформалар әмелге асырылмақта.
Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Елимизде муғәллим ҳәм устазлардың қәдири, абырайы ҳәм мәртебесин жоқарылатыў, машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетин материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Сиз, әзизлерди қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, бахыт-ығбал, ийгиликли жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы