HealthTech AI Hackathon Нөкис қаласында старт алды
Бүгин Нөкис қаласында «HealthTech Hackathon» сынақ басқышы старт алды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасты ҳәм шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Бул илаж мәмлекеттеги улыўма миллий жасалма интеллект хакатон жойбарының биринши басқышы есапланады.
AI Hackathon жойбары 2025-жыл октябрьден 2026-жыл декабрьге шекем басқышпа-басқыш әмелге асырылады ҳәм онда 5 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасып, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суд системасы, суў хожалығы ҳәм исбилерменлик бағдарлары бойынша инновациялық шешимлерди ислеп шығыўы күтилмекте.
Нөкисте өткерилип атырған "HealthTech Hackathon"ның тийкарғы мақсети - медицина тараўында санлы трансформация процесслерин жеделлестириў болып табылады. Жойбар мәмлекетимиздиң медицина жәмийетшилиги ҳәм IТ-қәнигелерин бир майданға топлап, санлы денсаўлықты сақлаў бағдарында жаңа шешимлер жаратыў ушын нәтийжели миллий платформа қәлиплестириўди нәзерде тутады.
Илаж IТ ҳәм медициналық жоқары оқыў орынларының студентлери, жас шыпакерлер, IТ қәнигелери ҳәм медицина мәкемелериниң ўәкиллериниң қатнасыўында даўам етпекте.