Институтта мектеплердиң информатика пәни муғаллимлери ушын семинар-тренинг өткерилмекте
2-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң информатика пәни муғаллимлери ушын «Заманагөй информатиканы оқытыўда инновациялар: жасалма интеллект, киберқәўипсизлик, қосымша жаратыў ҳәм нәтийжели сабақ өтиў» атамасындағы семинар-тренинг басланды.
Информатика пәни муғаллимлерин заманагөй санлы тенденциялар менен таныстырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинар-тренингниң дәслепки күнинде Нөкис қаласы ҳәм Беруний районы мектеплериниң муғаллимлери қатнасты.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, Өзбекстандағы жетекши IT қәнигеси ҳәм финтех инноваторы У.Зиямова қатнасып, ҳәзирги ўақытта мәлимлеме технологияларының раўажланыў тенденциялары ҳәм турмысымыздағы орны ҳаққында айтып өтти.
Семинар-тренинг даўамында Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Санлы билимлендириў технологияларын раўажландырыў орайы ҳәм Киберқәўипсизлик университетинен келген қәниге тренерлер тәрепинен жасалма интеллекттиң билимлендириўде қолланылыўы, киберқәўипсизлик ҳәм муғаллимниң жуўапкершилиги, мобиль қосымша жаратыў тийкарлары бойынша тренинглер және әмелий шынығыўлар өткерилди.
Семинар-тренинг даўам етпекте.