Халықаралық форум шеңберинде әҳмийетли илажлар басланды
Усы жылдың 5-6-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында "Орайлық Азия педагоглары - бир регион, бир ҳаўаз, бир күш" сүрени астында Орайлық Азия педагоглары халықаралық форумы өткерилмекте.
Онда Орайлық Азия мәмлекетлери (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан) билимлендириў министрликлери, атап айтқанда, Әзербайжан ҳәм Түркия мәмлекетлериниң билимлендириў системасы хызметкерлери, педагоглар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасады.
Форум илажлары шеңберинде қатнасыўшылар Шымбай районында болды. Сапар даўамында олар район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажда қарақалпақ халқының бай миллий дәстүрлери, миллий тағамлары ҳәм өнерментшилиги менен жақыннан танысты.
Илажда қарақалпақ халқының бай мәдений мийрасы ҳәм дәстүрий қәдириятлары мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Форум қатнасыўшылары буннан кейин Тахтакөпир районында жайласқан "Қара терең" туристлик орайына келди ҳәм бул жердеги бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажларда қатнаспақта.
Атап айтқанда, этно туристлик аймақта жаратылған шараятлар, қара үй қурыў процесслери, ҳақыйқый шөл орталығы ҳәммеде бирдей қызығыўшылық оятты. Сондай-ақ, аймақта шөлкемлестирилген қарақалпақ миллий көркем өнери үлгилери ҳәм этнографиялық көркем шығыўлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Күнниң екинши ярымында педагоглар ушын оқыў-семинар илажларының шөлкемлестирилиўи режелестирилген.