Нөкис қаласында «Орайлық Азия педагоглары» халықаралық форумы өткерилмекте
Бүгин Нөкис қаласында «Орайлық Азия педагоглары» халықаралық форумы басланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған кең кѳлемли реформалар, тараўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳаққында атап өтти.
Ҳақыйқатында да, әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде тәлим-тәрбия системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, оқыў процесине алдынғы тәжирийбелер, инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, педагоглардың жәмийеттеги орны ҳәм абыройын арттырыў, оқыўшы жасларға заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер сырларын үйретиў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышларға көтерилмекте.
Өткерилип атырған форумда Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши педагоглары, билимлендириў тараўы пидайылары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, сондай-ақ, бир қатар халықаралық шөлкемлер ҳәм де Кембридж университетиниң ўәкиллери қатнаспақта.
«Турақлы келешек – экологиялық тәлимнен басланады» деген идея тийкарында ѳткерилип атырған бүгинги Халықаралық форум Орайлық Азия мәмлекетлери арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўде, педагоглар ушын тәжирийбе алмасыў платформасын жаратыўда ҳәм регионаллық билимлендириў системасын раўажландырыўда, халықаралық тығыз бирге ислесиўлерди буннан былай да кеңейтиўде әҳмийетли орын ийелейди.
Форум шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.