Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ «Орайлық Азия – Россия» форматындағы екинши саммиттеги шығып сөйлеген сөзи
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бәринен бурын, дәстүрий шын жүректен қабыллағаны ҳәм ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Тәжикстан Республикасы Президенти ҳүрметли Эмомали Шарипович Раҳмон ҳүрметине билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Биз ҳәр сапары Тәжикстанға барғанымызда, Сизиң басшылығыңызда үлкен дөретиўшилик жумысларының алып барылып атырғаныныӊ гүўасы боламыз. Көз алдымызда мәмлекеттиң келбети пүткиллей өзгермекте – экономика ҳәм инфраструктура жедел раўажланбақта, ең тийкарғысы – халықтың абаданлығы артып бармақта.
Россия Федерациясы Президенти ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге Орайлық Азия менен кең көлемли стратегиялық шерикликти раўажландырыўдың исенимли тәрепдары болып киятырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сизиң регион менен аўқамласлық қатнасықларыӊыз ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелериндеги турақлы қоллап-қуўатлаўыңыз ҳәм жеке итибарыңызды Өзбекстан бәрқулла сезинип киятырғанын ҳәм қәдирлейтуғынын айрықша атап өтпекшимен.
Сиз алға қойған, тәбийғый шерик болған еллеримиздиң өз-ара бирге ислесиўине жаңа пәт бағышлаўға қаратылған басламаларды толық қоллап-қуўатлайман.
Ҳүрметли мәмлекет басшылары!
Россия биз ушын әҳмийетли, тийкарғы стратегиялық шерик ҳәм аўқамлас болып келген, ҳәзир де сондай болып атырғанын ҳәм келешекте де сондай болып қалатуғынын атап өтемен.
Улыўмалық тарийх, көп қырлы байланыслар, халықларымыздың мәдений ҳәм дүнья таныў жағынан жақынлығы, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм исенимли қатнасықлар бундай бирге ислесиўдиң беккем ҳәм өзгермес тийкары болып есапланады.
Соның менен бирге, геосиясий келиспеўшиликлер ҳәм жәҳән экономикасында кризис жағдайларының күшейип атырғаны, жаңа қәўип-қәтерлер регионда турақлылықты тәмийинлеў жолында бизиң форматымыз шеңберинде және де тығыз муўапықластырыў ҳәм бирге ислесиўди талап етпекте.
Күн тәртибинен келип шығып, Орайлық Азия ҳәм Россия арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша өз көзқарасларымызды айтып өтпекшимен.
Биз бул форматта анық нәтийжеге ерисиўге қаратылған системалы сиясий сөйлесиўлерди күшейтиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Биз ҳәр жылы жоқары дәрежедеги ушырасыўларды, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлардың сөйлесиўлерин турақлы түрде өткерип барыў тәрепдарымыз. Усы мүнәсибет пенен 2027-жылға шекемги Биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң қабыл етилиўин қоллап-қуўатлаймыз.
Соның менен бирге, ҳүкиметлеримизге әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша анық илажларды өз ишине алған кеңейтилген “жол картасы”н таярлаў бойынша тапсырма бериўди усыныс етемиз.
Тапсырмаларымыздың өз ўақтында орынланып атырғанын қадағалаў, регионаллық әҳмийетке ийе болған бағдарлама ҳәм жойбарларды таярлаў және әмелге асырыўды жеделлестириў ушын ҳүкимет басшыларының орынбасарлары дәрежесинде Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириўди мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.
Биз регионымыздың Россия менен экономикалық шериклигин түпкиликли кеңейтиўден мәпдармыз. Буны биргеликтеги жумысымыздың тийкарғы бағдары, деп есаплаймыз.
Базарларда қолайсыз конюнктура сақланып қалып атырған ҳәм сыртқы тәсирлер күшейип атырған шараятта өз-ара саўда көрсеткишлеринде унамлы өсиў пәтлерин тәмийинлеўге ериспектемиз. Соның ишинде, өткен жылдың жуўмақлары бойынша ҳәм усы жылы Өзбекстанның Россия ҳәм регион мәмлекетлери менен өз-ара товар айланысы 15 процентке өсти.
Бул жумысларды даўам еттириў ҳәм биз усыныс етип атырған Кеңес шеңберинде өним алмасыў көлемин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды ислеп шығыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз. Бул жерде сөз өним базарларына өз-ара кириўди жеңиллетиў, процесслерди әпиўайыластырыў, “Орайлық Азия – Россия агроэкспресс” жойбарын иске қосыў ҳаққында бармақта.
Мәмлекетлеримиздиң транзит-транспорт потенциалынан, биринши гезекте, Арқа-Қубла коридоры шеңберинде нәтийжели пайдаланыў турмыслық әҳмийетке ийе.
Биз автомобиль, темир жол ҳәм авиация байланыслары тараўында миллий бағдарламаларды үйлестириў ҳәм сол тийкарда инфраструктуралық шерикликтиң комплексли режесин – мәмлекетлеримиздиң Транспорт-логистика контурын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Сыртқы қәўип-қәтерлерге қарсы турақлы болған интеграцияласқан, өз-ара байланысқан регионаллық транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў бизиң мақсетимиз болыўы зәрүр.
Биз турақлы өндирис шынжырларын жаратыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириўди және бир тийкарғы бағдар сыпатында көремиз.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Россияның жетекши компаниялары менен санаат бойынша шерикликти жедел кеңейтпекте. Бул бағдарда газ-химия тараўында ири стратегиялық санаат жойбарлары әмелге асырылып атырғаны ҳәм заманагөй мыс байытыў хабы жаратылып атырғанын мысал сыпатында келтирип өтиўди қәлер едим.
Ҳәзирги ўақытта машина қурылысы, әсбап-үскенелер ислеп шығарыў, химия, электротехника, таў-кән ҳәм басқа да тараўларда кластер тийкарында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын еле иске қосылмаған үлкен резервлер бар.
Жетекши кәрханалар ҳәм жеке меншик сектордың инновацияға бағдарланған кооперациясын хошаметлеў ушын Бухара қаласында “Орайлық Азия – Россия” санаат инжиниринг хабын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бул жойбар алдыңғы инженерлик шешимлерди ислеп шығыў, енгизиў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ушын сийрек ушырасатуғын технологиялық майданға айланатуғынына исенемен.
Ташкентте өткерилетуғын “Иннопром. Орайлық Азия” көргизбели форумы имканиятларын жоқары дәрежеде иске қосыў әҳмийетли екенин атап өтпекшимен. Апрель айында өткерилген көргизбе 35 мәмлекеттен 10 мыңнан аслам қатнасыўшыларды бирлестирди. Бес миллиард долларлық келисимлерге қол қойылды.
Бул илажға “Орайлық Азия – Россия” сөйлесиўи форматындағы тийкарғы санаат ҳәм инновация майданы статусын бериўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Мәмлекетлеримиздиң Россия менен энергетика тараўындағы бирге ислесиўи буннан былай да регионның тынышлығы ҳәм турақлылығыныӊ факторы болып қалады. Биз бүгин стратегиялық, соның ишинде, газ қубырлары ҳәм энергетика инфраструктураларын раўажландырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырмақтамыз.
Усы күнлерде тарийхый бир ўақыя болып өтеди – Өзбекстанда қурылатуғын атом электр станциясының биринши реакторы ҳәм көп тармақлы ядро медицинасы орайының қурылысы бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға старт бериледи.
Бул бағдарда кең көлемли илимий-әмелий бирге ислесиўди орнатыўды – Өзбекстанда Атом энергетикасы бойынша Регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Москва мәмлекетлик инженерлик-физика институтының Ташкент филиалы базасында кадрлар таярлаў бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етемиз.
Буннан тысқары, углеводород ресурсларын излеў ҳәм қайта ислеў, электр энергетика системасын модернизациялаў, энергияны үнемлейтуғын шешимлерди енгизиў тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў нийетиндемиз.
Алдынғы билим ҳәм технологиялар трансфери, биргеликтеги жойбарларды таярлаў ҳәм алға қойыў ушын “Орайлық Азия ҳәм Россия энергетикалық шериклиги” комплексли бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапық.
Инновациялар тараўында мәмлекетимизде “Сколково” орайының филиалын ашыўды усыныс етемиз.
Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бойынша Регионаллық эксперт кеңесин шөлкемлестириўди дәўирдиң өзи талап етпекте, деп есаплаймыз. Бундай платформа жетекши орайлар, шөлкемлер ҳәм IТ компаниялар дәрежесинде ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм жойбарлар бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў ушын имканият жарататуғынына исенемен.
Биз, сондай-ақ, биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў жолы менен гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў нийетиндемиз. Усы бағдарда этномәденият форумы – Орайлық Азия ҳәм Россия халықларының мәденияты, көркем өнери ҳәм дөретиўшилиги фестивалын ҳәр жылы өткерип барыў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.
“Келешек инженерлери” илимий-билимлендириў консорциумын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул сөйлесиў майданы дуал ҳәм профессионал билимлендириў системасын енгизиў, фундаменталь илимий қолланбаларды әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетлеримиздиң жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм изертлеў структураларының потенциалын бирлестириўге хызмет етеди.
Россия университетлериниң табыслы ислеп атырған филиаллары консорциумның интеллектуаллық базасы болыўы мүмкин. Өзбекстанда мине усындай 15 филиал жумыс алып бармақта.
Бул бағдарда Орайлық Азия ҳәм Россиядағы жас изертлеўшилер ҳәм илимпазлар ушын Арнаўлы грантлар бағдарламасын биргеликте шөлкемлестириўимиз мүмкин.
Буннан тысқары, аналық ҳәм балалықты қорғаў, мийнет миграциясы тараўында социаллық бейимлесиўге жәрдемлесиў бағдарламаларын қабыл етиў, сондай-ақ, регионаллық бағдарлар тийкарында туристлик ағымды кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша тоқтап өтиўди қәлер едим.
Терроризм, экстремизм, радикализм, шөлкемлескен жынаятшылық, адам саўдасы ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиўде арнаўлы хызметлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының тығыз бирге ислесиўин және де кеңейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Жаңа кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша биргеликте илажларды ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Аўғанстан менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм бул мәмлекетти социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға жәрдемлесиў бойынша көзқарасларды муўапықластырыў мақсетинде жоқары дәрежедеги мәсләҳәтлесиўлерди өткериў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз. Қәўипсизлик тараўында өз-ара бирге ислесиў, усы мәмлекетте турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған экономикалық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бул ушырасыўлардың күн тәртибине киргизилиўи мүмкин.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Сөзимниң жуўмағында мәмлекетлеримиздиӊ қәўипсизлигин, турақлы раўажланыўын ҳәм абаданлығын тәмийинлеў жолында Россия менен көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге садық екенимизди және бир мәрте атап өтпекшимен.