Өзбекстан Президенти Орайлық Азия ҳәм Россия арасындағы кең көлемли бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын атап өтти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-октябрь күни Душанбе қаласында болып өткен “Орайлық Азия-Россия” форматындағы екинши саммитте қатнасты.
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон басшылығында өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Россия Президенти Владимир Путинге Орайлық Азия менен кең көлемли стратегиялық шерикликти раўажландырыў тәрепдары болып киятырғаны ушын миннетдаршылық билдирип, оның тәбийғый шериклер болған мәмлекелеримиз бирге ислесиўинде жаңа пәт бериўге қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлады.
– Россия биз ушын әҳмийетли, тийкарғы стратегиялық шерик ҳәм аўқамлас болып келген, ҳәзир де усындай ҳәм келешекте де усындай болып қалыўын атап өтемен. Улыўмалық тарийх, көп әсирлик байланыслар, халықларымыздың мәдений ҳәм дүньяқарасы жағынан жақынлығы, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм исенимли қатнасықлар бундай бирге ислесиўдиң беккем ҳәм өзгермейтуғын тийкары болып есапланады, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Жәҳән экономикасындағы барған сайын күшейип баратырған геосиясий кескинлик ҳәм дағдарыслы жағдайлар, сондай-ақ, жүзеге келип атырған жаңа қәўип-қәтерлер “Орайлық Азия – Россия” форматында және де тығыз муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўди талап етип атырғаны атап өтилди.
Усы мәнисте, Өзбекстан жетекшиси регион мәмлекетлериниң Россия менен бирге ислесиў перспективалары бойынша өз көзқарасын билдирди.
Бәринен бурын, системалы сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм анық нәтийжеге қаратылған әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сол себепли, Өзбекстан Президенти ҳәр жылы жоқары дәрежедеги ушырасыўларды, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлардың турақлы сөйлесиўлерин өткериў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
2027-жылға шекем биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң қабыл етилиўин қоллап-қуўатлап, мәмлекетимиз басшысы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық илажларды өз ишине алған және де толық “жол картасы”н таярлаўды усыныс етти.
Тапсырмаларды өз ўақтында орынлаў, регионаллық әҳмийетке ийе бағдарлама ҳәм жойбарларды таярлаў және жеделлестириў мақсетинде ҳүкимет басшыларының орынбасарлары дәрежесинде Муўапықластырыўшы кеңес дүзиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Экономикалық шерикликти түп-тийкарынан кеңейтиў регион менен Россия бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдары болыўы керек. Өз-ара саўда көрсеткишлеринде унамлы пәт бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, өткен жылы ҳәм усы жылы Өзбекстанның Россия ҳәм регион мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 15 процентке шекем артты.
Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысы шеңберинде товар алмасыў көлемин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды ислеп шығыў усыныс етилди.
Базарларға кириўди өз-ара жеңиллестириў, тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, “Орайлық Азия – Россия агроэкспресси” жойбарын иске қосыў солардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлеримиздиң транзит-транспорт потенциалынан, бәринен бурын, “Арқа-Қубла” коридоры шеңберинде нәтийжели пайдаланыў оғада әҳмийетли екенин атап өтти.
– Биз автомобиль, темир жол ҳәм авиация байланыслары тараўында миллий бағдарламаларды үйлестириў ҳәм сол тийкарда инфраструктуралық шерикликтиң комплексли режеси – мәмлекетлеримиздиң Транспорт-логистика контурын ислеп шығыўды усыныс етемиз. Сыртқы қәўип-қәтерлерге қарсы турақлы болған интеграцияласқан, өз-ара байланысқан регионаллық транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў бизиң мақсетимиз болыўы керек, – деди Президент.
Және бир тийкарғы бағдар сыпатында турақлы өндирис шынжырларын жаратыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў белгиленди. Усы мәнисте, бүгинги күнде Өзбекстан Россияның жетекши компаниялары менен санаат кооперациясын жедел кеңейтип атырғаны, газ-химия тармағында ири стратегиялық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны, заманагөй мыс байытыў хабы шөлкемлестирилип атырғаны атап өтилди.
Соның менен бирге, машина қурылысы, анық әсбап-үскене қурылысы, химия, электротехника, таў-кән ҳәм басқа да тармақларда бирге ислесиўди кластер тийкарында кеңейтиў ушын үлкен резервлер бар екенлиги көрсетип өтилди.
Жетекши кәрханалар ҳәм жеке меншик сектордың инновацияларға бағдарланған кооперациясын хошаметлеў мақсетинде Бухара қаласында алдынғы инженерлик шешимлерди ислеп шығыў, енгизиў ҳәм көбейтиў ушын сийрек ушырасатуғын технологиялық майдан болыўы мүмкин болған “Орайлық Азия – Россия” санаат инжиниринг хабын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси Ташкенттеги “Иннопром. Орайлық Азия” көргизбе-форумының имканиятларын максимал дәрежеде иске қосыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Быйыл апрель айында өткерилген бесинши көргизбеде 35 мәмлекеттен 10 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасты. 5 миллиард долларлық келисимлер дүзилди. Бул илажға “Орайлық Азия – Россия” сөйлесиўи форматындағы бас индустриал ҳәм инновациялық майдан статусын бериў усыныс етилди.
Өзбекстан басшысының атап өткениндей, Россия менен энергетика тараўындағы бирге ислесиў буннан былай да регион турақлылығының факторы болып қалады. Бүгинги күнде газ қубырлары ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша стратегиялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
– Усы күнлерде тарийхый бир ўақыя болып өтеди – Өзбекстанда қурылатуғын атом электр станциясының биринши реакторы ҳәм көп тармақлы ядро медицинасы орайының қурылысы бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға старт бериледи, – деди Президент.
Бул бағдарда кең илимий-әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў – Өзбекстанда Атом энергетикасы бойынша регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Москва инженерлик-физика институтының Ташкент филиалы негизинде Кадрлар таярлаў бағдарламасын қабыл етиў усыныс етилди.
Углеводородларды излеў ҳәм қайта ислеў, электр энергетикасын модернизациялаў, энергияны үнемлейтуғын шешимлерди енгизиў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў нийети билдирилди.
Алдынғы билим ҳәм технологиялардың трансфери, биргеликтеги жойбарларды таярлаў ҳәм алға қойыў мақсетинде “Орайлық Азия – Россия энергетика шериклиги” комплексли бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапық екенлиги көрсетип өтилди.
Инновациялар тараўында “Сколково” орайының регион мәмлекетлеринде филиалларын ашыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, жетекши орайлар, шөлкемлер ҳәм IT компаниялар дәрежесинде ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм жойбарлаў бирге ислесиўин жолға қойыў имканиятын беретуғын Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бойынша регионаллық эксперт кеңесин шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде ҳәр жылы Этномәденият форумы – Орайлық Азия ҳәм Россия халықларының мәденияты, көркем өнери ҳәм дөретиўшилиги фестивалын өткериў басламасы алға қойылды.
Буннан тысқары, дуал ҳәм профессионал билимлендириў системасын енгизиў, фундаментал илимий қолланбаларды әмелге асырыў ушын жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў структураларының потенциалын бирлестириўге қаратылған “Келешек инженерлери” илимий-билимлендириў консорциумын иске қосыў усыныс етилди. Регион мәмлекетлеринде табыслы жумыс алып барып атырған Россия университетлериниң филиаллары Консорциумның интеллектуаллық базасы болыўы мүмкин екени атап өтилди. Өзбекстанда олардың саны 15 ти қурайды.
Сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм Россияның жас изертлеўши ҳәм илимпазлары ушын арнаўлы грант бағдарламасын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ушын балалар ҳәм аналардың саламатлығын қорғаў, мийнет миграциясы тараўында социаллық бейимлесиўге жәрдемлесиў, сондай-ақ, регионаллық бағдарлар тийкарында туристлер ағымын кеңейтиў бойынша бағдарламалар қабыл етиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Өзбекстан Президенти регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
– Терроризм, экстремизм, радикализм, шөлкемлескен жынаятшылық, адам саўдасы ҳәм наркотрафиклерге қарсы гүресиўде арнаўлы хызметлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының тығыз бирге ислесиўин және де кеңейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз. Жаңа кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша биргеликте илажлар ислеп шығыўды усыныс етемиз, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Аўғанстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиў бағдарындағы көзқарасларды муўапықластырыў мақсетинде жоқары дәрежедеги мәсләҳәтлесиўлерди өткериў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди. Бул ушырасыўлардың күн тәртибинен қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў, усы мәмлекеттиң турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған экономикалық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери орын алыўы мүмкин.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти регионның барлық мәмлекетлериниң қәўипсизлиги, турақлы раўажланыўын тәмийинлеў жолында Россия менен көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге умтылысы исенимли екенин және бир мәрте атап өтти.
Саммит даўамында басқа мәмлекетлердиң басшылары да шығып сөйледи.
Илаж жуўмағында Биргеликтеги коммюнике ҳәм тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша 2025-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға әмелий сапары даўам етпекте.