Қарақалпақстан Пара спорты тарийхында жаңа бет ашылды
294
Мысыр мәмлекетиниң Қоҳира қаласында спорттың парапауерлифтинг түринен Жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
27 мәмлекеттен келген пара спортшылар арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында 88 кг салмақ категориясында қатнасқан спортшымыз Ҳусниддин Усмонжанов 155, 160 ҳәм 165 кг салмақтағы тасларды көтерип, улыўма есапта 2-орынды, ал, ең салмақлы тасты көтериў бойынша сыйлы 3-орынды ийеледи.
Тренер Исламбек Рузибаев басшылығында Парапауерлифтинг бойынша Жәҳән чемпионатында ерисилген гүмис ҳәм бронза медаллары параспортшыларымыз ушын тарийхый нәтийжелердиң бири болды.