Нөкис суў тазалаў объекти пайдаланыўға тапсырылды
Нөкис суў тазалаў объектиниң реконструкциядан кейинги қайта пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм «Ўзсувтаъминот» жәмийети басқарыўы баслығы Ахмад Суванкулов шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, алдын «Нѳкис суў тазалаў» объектинде улыўма қуўатлығы бойынша суткасына 60 мың куб метр суў жеткерип бериў имканияты бар болған болса, Президентимиздиң арнаўлы қарары менен 86,6 млрд. сум қаржы тийкарында реконструкция жумыслары алып барылып, бул көрсеткиш 90 мың куб метрге жеткерилди. Халықты таза ишимлик суўы менен қамтып алыў болса, 279 мыңнан 340 мыңнан аслам пуқараға жеткерилди.
Буннан тысқары, Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында “Жәҳән банки”ниң 78 млн. долларлық қаржылары есабынан 286 километр канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс жумыслары басланбақта. Сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында Азия раўажланыў банкиниң 145 млн. долларлық қаржылары есабынан ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў жумыслары даўам еттирилмекте.
Бүгинги салтанатлы иләж даўамында «Ўзсувтаъминот» жәмийети тәрепинен суў тазалаў объекти ҳәм ақаба суў тармақлары кәрханаларына арнаўлы автотранспорт қураллары тапсырылды.
Иләж қатнасыўшылары әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.