Бозатаў санаториясы пайдаланыўға тапсырылды
Усы жылдың 17-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм нураныйлары менен ушырасыўы өткерилди.
Онда Бозатаў районынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, кең жәмийетшилик ўәкиллери видеобайланыс арқалы қатнасты.
Өткерилген ушырасыў шеңберинде алыс Бозатаў районында Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 123 млрд. сум муғдарында қаржыландырылып, жаңадан қурылған Бозатаў санаториясының ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў, саламатлығын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқталып, әлбетте, бундай жаңаланыўларды өз турмысында сезинип атырған пуқараларымыз буннан шексиз миннетдар екенлигин атап өтти.
Атап өтиў орынлы, алты этажлы, 200 орынға мөлшерленген жаңа, заманагөй санаторияда 100 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылып, жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленди. Әлбетте, бул орын халқымыздың саламатлығын тиклеў ҳәм беккемлеў жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.