Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм ветеранлары менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, қәдирли дослар, ҳүрметли мийманлар!
Ҳүрметли кәсиплик аўқамлары ветеранлары ҳәм белсендилери!
Сизлер менен мине усындай қызғын, көтериңки кейпиятта көрисип турғанымнан қуўанышлыман.
Бәршеңизге, кәсиплик аўқамларының көп миллионлы ағзаларына өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Биз бүгинги күнде өз алдымызға үлкен шеклер қойып, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолынан алға қарай исенимли қәдем таслап атырмыз.
Дүньяда геосиясий ҳәм экономикалық кескинлик ҳәўиж алып атырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимизде тынышлықты беккемлеп, көп миллетли халқымыздың турмысын және де жақсылаўға беккем бел байлағанбыз.
Булар, әлбетте, өз-өзинен болып атырған жоқ.
Қаншелли қыйын болмасын, биргеликте қатты мийнет етип, ҳәр қыйлы сынақ ҳәм машақатлардан мүнәсип тәризде өтип бармақтамыз. Бул бағдарда мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз, ҳәр бир ўатанласымыздың орны, қосып атырған үлеси шексиз, әлбетте.
Бүгинги дөгерегимизде өз өмирин инсан мийнетин, оның нызамлы мәплерин қорғаўдай ийгиликли иске бағышлаған, тараўда узақ жыллар нәтийжели хызмет етип, ҳүрмет ҳәм итибар тапқан көплеген адамларды көрип турман.
Инсан мийнети, оның қәдир-қымбаты қандай бийбаҳа байлық екенин сизлер ҳәммеден жақсы билесиз.
Елимизде халықшыл, социаллық мәмлекет қурыў, инсан қәдирин улығлаў барлық реформаларымыздың бас мақсетине айланған ҳәзирги күнде сиз, әзизлердиң бай билим ҳәм тәжирийбеңиз биз ушын оғада әҳмийетли.
Пурсаттан пайдаланып, ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге – исшеңлик орталығын, мийнет жәмәәтлерине – хошамет ҳәм әдиллик руўхын алып кирип атырған кәсиплик аўқамларының белсендилерине шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз дослар!
Уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхўжа Беҳбудий: “Биз өз турмысымызды өзгертпекши болсақ, бәринен бурын, адамлардың ҳуқықын тән алыўды үйрениўимиз керек”, деген еди.
Бул – ҳақ гәп. Ҳақыйқатында да, ҳуқық ҳәм еркинликлер тәмийинленген, адамлары емин-еркин жасап, мийнет етип, дәрамат табатуғын елде мәмлекет те, жәмийет те әлбетте раўажланады. Сонлықтан, биз реформаларды баслаған дәслепки күнлерден-ақ “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идеяны әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, экономикалық-социаллық тараўларды раўажландырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алдық.
Бул жолдағы ҳәрекетлеримиз себепли сегиз жылда экономикамызға 130 миллиард доллар инвестиция кирип келди, мыңлаған жаңа қуўатлықлар иске қосылды, миллионлаған турақлы жумыс орынлары жаратылды.
Жеке меншик секторға кеңнен жол ашып, шын жүректен ислеймен деген адамларға мүнәсип мийнет шараятын жаратып бергенимиз ушын жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетти.
Ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, мийнетин қорғаў, кепилленген социаллық қорғаўдан пайдаланыўы ушын беккем нызамлы тийкарлар жараттық. Әсиресе, жаңаланған Конституциямыз, жаңа редакциядағы Мийнет кодекси, “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы, “Кәсиплик аўқамлары ҳаққында”ғы нызамлардың қабыл етилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлер болды.
Парламентимиз жанындағы Жәмийетлик эксперт кеңеслериниң қурамына кәсиплик аўқамларының ўәкиллери де киргизилди. Бул болса нызамларды қабыл етиўде хызметкерлердиң мәпи және де исенимли қорғалыўына хызмет етпекте.
Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў де биз ушын жетекши бағдар болып қалмақта. Социаллық институтларды қоллап-қуўатлаў көлеми 2017-жылға салыстырғанда 100 есеге артып, быйыл 1 триллион 200 миллиард сумға жетти.
Соның менен бирге, пуқаралық жәмийети институтларының жумысына араласқаны, жәмийетлик қадағалаў нәтийжелерин көрип шықпағаны ушын жуўапкершилик белгиленди.
Бир сөз бенен айтқанда, миллий ҳуқық системамыз халықаралық стандартларға бейимлесип, инсан ҳуқықлары, пуқаралық жәмийети институтларының жумысының турақлы кепиллигине айланды.
Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартларын қабыл етип атырған ең белсенди мәмлекетлер қатарынан орын алып атырғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынып атырғанын атап өтиў керек. Итибар бериң, сегиз жыл алдын бул шөлкемниң Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған ҳүжжетлериниң саны 12 болған болса, ҳәзирги күнде 25 ке жетти.
Ҳәр бир ратификация арқалы Өзбекстан өзине үлкен миннетлеме алмақта.
Не ушын ҳеш екиленбестен өзимизге бундай үлкен жуўапкершиликти алып атырмыз?
Себеби, барлық реформаларымыз тийкарында инсан қәдирин улығлаў жәмленген. Бул – мәмлекетимиз қосылып атырған халықаралық ҳүжжетлердиң мазмуны менен толық үнлес болып есапланады.
Әйне инсан қәдирине итибар – барлық табысларымыздың тийкары, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз!
Қәдирли дослар!
Бир еслеп көриң, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыў узақ жыллар биз ушын ең аўыр мәселе болып келген еди. Тек ғана күшли ерк-ықрар, қатаң позициямыз арқалы биз бул қыйын машқаланы унамлы шештик.
Жаңа Өзбекстанның инсаныйлық принциплерине садықлығын көрсететуғын бул өзгерис социаллық турмысымызда пүткиллей жаңа бет ашпақта. Мәмлекетимиздиң балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша алдынғы тәжирийбеси Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен үлги сыпатында басқа мәмлекетлерге усыныс етилгени де соннан дерек береди.
Өзбек пахтасы дүньядағы көплеген абырайлы бренд компаниялардың “қара дизими”нен шығарылды. Cotton campaign шөлкеми Өзбекстанға қойылған қадаған етиўди пүткиллей бийкарлады. Европа Аўқамы Өзбекстанға бул сиясий структура мәмлекетлери базарына жеңиллетилген түрде кириў имканиятын беретуғын GSP+ системасын усынды. Миллий өнимлеримиз ушын 26 жаңа базар ашылды, Европаға экспортымыз 5 есеге артып, 1,5 миллиард долларға жетти.
Бурын бундай санларды әрман да ете алмайтуғын едик. Бүгин бул жумыслар даўам етпекте. Мәселен, келеси ҳәптеде Европа Аўқамы менен Кеңейтилген бирге ислесиў ҳәм шериклик ҳаққындағы келисимге қол қоямыз. Бул – сыртқы сиясат, қәўипсизлик, коррупция, терроризмге қарсы гүресиў ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди беккемлеў менен бирге, Европа мәмлекетлери ҳәм мәмлекетимиз арасында инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.
Ерисип атырған жетискенликлеримиз халықаралық көлемде мүнәсип тән алынып атырғаны бәршемизге қанаатланыўшылық бағышлайды.
Өзбекстан санаўлы мәмлекетлер қатарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң “Әдил өтиў процесслери ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў бойынша глобал акселератор” басламасында қатнаспақта; Халықаралық мийнет шөлкеминиң “Социаллық әдиллик бойынша глобал коалициясы”нда қатнаспақта; мәмлекетимиз өткен жылы усы шөлкемниң Ҳәкимшилик кеңеси ағзалығына сайланды.
Халықаралық майданда Ўатанымызға болған ҳүрмет ҳәм исеним барған сайын артып, дүньяның барлық регионларында досларымыз, шериклеримиз көбеймекте.
Булардың барлығы реформаларымызға үлкен исеним ҳәм тән алыўдың көриниси емес пе?
Пурсаттан пайдаланып, мине усы мәселелер бойынша биз бенен тығыз бирге ислесип киятырған Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы структураларға миннетдаршылық билдиремен.
Әлбетте, биз ерисип атырған нәтийжелерде 8 миллионға шамалас ағзаға ийе, ең халықшыл ҳәм ири мәмлекетлик емес шөлкем болған кәсиплик аўқамларының мүнәсип үлеси бар.
Биз Өзбекстанда кәсиплик аўқамларының еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараятларды жаратып бердик ҳәм мине усы принциплерге ҳәмийше садықпыз. Кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықын тәмийинлеў, олардың жумысына араласпаў бойынша сиясатты буннан былай да қатаң даўам еттиремиз.
Усы жерде кәсиплик аўқамларының кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетке байланыслы ҳуқықларды қорғаўдағы жанкүйерлиги айрықша итибарға ылайық. Буны кейинги жыллары 500 мыңға шамалас хызметкердиң нызамлы ҳуқықлары қорғалып, олардың пайдасына 267 миллиард сум өндирип берилгени де тастыйықлайды. Сондай-ақ, жумыстағы бахытсыз ҳәдийселер себепли жәбирленген 1 мың хызметкерге 35 миллиард сум компенсация пулы төлеп берилген. Буннан тысқары, наҳақтан босатылған 13 мың хызметкер жумысқа тикленген.
Төрт жыл алдын сизлердиң басламаңыз бенен биринши мәрте Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясын шөлкемлестирдик. Бул кәсиплик аўқамлары жумысында жаңа бағдар болды.
Жоқары оқыў орны питкериўшилери кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет ҳуқықларының қорғаўшысына айланып, бул тараўда нызамлылықты беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.
Улыўма, кәсиплик аўқамлары жумысының жаңа қырлары тек ғана елимизде емес, ал халықаралық көлемде де олардың орны ҳәм абырайының артып барыўына хызмет етпекте. Федерацияның басламасы менен 2021-жылы Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары кеңеси дүзилди. 2023-жылы Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамлары шөлкемине тийкар салынды.
Федерациямыз өткен жылы Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясына ағза болғаны оның дүньядағы абырайын жаңа басқышқа алып шығатуғын тарийхый ўақыя болды. Федерацияның социаллық қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатландырыў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин де толық қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир инсанға мүнәсип мийнет, кәсип тараўында өсиў, дем алыў ҳәм саламатлығын тиклеў ушын зәрүр шараят жаратыў – оғада әҳмийетли мәселе.
Биз усы мақсетте социаллық мәмлекеттиң жаңа моделин жаратып атырмыз. “Күшли кәсиплик аўқамлары – күшли жәмийет тийкары” деген баслама тийкарында сизлер бул процессте алдынғы қатарда болыўыңыз керек.
Енди, сизлер менен кәсиплик аўқамларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мийнет қатнасықларын жақсылаў бойынша келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алсақ, не дейсизлер?
Бириншиден, адамлардың өз мийнетинен мәпдарлығы қанша артса, реформалардың нәтийжелилиги де сонша жоқары болады.
Жақсы билесиз, 2023-жылдан биринши мәрте минимал тутыныў қәрежетлерин ислеп шығып, әмелиятқа енгиздик. Жаңаланған Конституциямызда пенсия, напақа ҳәм социаллық жәрдемлердиң муғдары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы қатаң белгилеп қойылды.
Экономикамыз турақлы өсип бармақта. Халқымыздың турмыс абаданлығын соған сәйкес түрде арттырыў ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын да ҳәр жылы көбейтип бармақтамыз.
Бирақ, ашық айтыў керек, бул мәселелер көбинесе бир тәреплеме, яғный, мәмлекетлик уйымлардың есап-санағы ҳәм усынысы менен шешилмекте. Сонлықтан, келеси жылдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарын ислеп шығыўға Социаллық-мийнет мәселелери бойынша үш тәреплеме республикалық комиссияны да (Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы) тартсақ, бул оғада дурыс болады, деп ойлайман.
Бул – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын белгилеўде хызметкерлердиң мәпин кепилликли қорғаў бойынша жаңаша қатнас болады.
Усы жерде бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыўымыз керек: инсан қәдири, оның турмыс сапасы тек ғана мийнет ҳақы менен емес, ал социаллық орталық пенен де белгиленеди. Буның ушын хызметкерлерди турақ жай, сапалы билимлендириў, медицина ҳәм транспорт хызметлери менен кепилликли тәмийинлеп, ең әҳмийетли турмыслық зәрүрликлерине жететуғын дәрамат табыўына шараят жаратып бериўимиз зәрүр.
Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир жумысшы, ҳәр бир шаңарақ өз турмысында сапа дәрежесин сезиўи, мәмлекет ҳәм жәмийет болса оны кепиллеўи зәрүр.
Кәсиплик аўқамлары бул жумысларда белсене қатнасады, деп исенемен.
Екиншиден, глобалласыў ҳәм санлы раўажланыў шараятында мийнет қатнасықлары тараўында жаңа түрлер де кеңнен ен жаймақта.
Имканият ҳәм шараят жаратып бергенимиз себепли бүгинги күнде 6 миллионға шамалас халық өзин-өзи бәнт етип, руўзыгершилигин тәмийинлемекте. Мәселен, ҳәзирги ўақытта адамларымыз IT программист, веб-дизайнер, өнермент, такси айдаўшысы, курьер сыяқлы онлаған кәсиплерде платформалы бәнтлик тийкарында ислемекте. Көплеген пуқараларымыз, әсиресе, ҳаял-қызлар аралықтан турып мийнет етиўди үйренди.
Буннан тысқары, биз мәҳәлле институтын түп-тийкарынан реформалап, барлық дәрежедеги басшылар ең төменги буўынға түсип ислейтуғын халықшыл система жараттық.
Мәҳәллелерди драйвер тараўларға қәнигелестириў есабынан 1,5 миллион шаңарақ өз шаңарағында ислеп, дәрамат алмақта.
Бүгин бул бағдарлар экономикалық раўажланыўымыздың бир бөлегине, оларда жумыс алып барып атырған адамлар болса мийнет қатнасықларының тең ҳуқықлы субъектине айланбақта.
Енди, Кәсиплик аўқамлары да мәҳәллелер менен жақыннан ислейтуғын нәтийжели системаны жолға қойса, дурыс болады, деп ойлайман.
Бәнтлик министрлиги (Б.Зоҳидов) де кәсиплик аўқамлары менен бирге платформаларда жумыс алып барып атырған адамларымыздың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнеттиң қорғалыўын тәмийинлеў; олардың өмири, қәўипсизлигин қамсызландырыў бойынша тийкарланған усынысларды Ҳүкиметке киргизсе, мақсетке муўапық болар еди.
Үшиншиден, кәсиплик аўқамлары өткен дәўирде ҳаял-қызлар мийнетин қорғаў бойынша үлкен тәжирийбе топлады.
Атап айтқанда, олар “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы 4,5 миллион жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген апа-қарындасларымызға жәрдем көрсетиўде бас-қас болды.
Ҳаял-қызлардың белсенди социаллық қатлам болып қәлиплесиўинде кәсиплик аўқамларын жетекши күшке айландырыў ушын бүгин барлық имканиятлар бар. Бул бағдарда “Кәсиплик аўқамлары – ҳаял-қызлар мәпи жолында” деген сүрен тийкарында жаңа системаны жолға қойыўды усыныс етемен.
Усы система шеңберинде Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша комиссия ҳәм Федерация мийнет базарында ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар жаратыў, олардың турмыста өз орнын табыўына ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға жәрдемлесиў бойынша жаңа қатнасларды енгизсе; турақ жай ҳәм жасаў шараятын жақсылаўға, медициналық, психологиялық, ҳуқықый жәрдемге мүтәж, күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды да “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы қоллап-қуўатлаўды жолға қойса; аўыллық жерлерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын және де кеңейтсе; ҳәр жылы мийнет жәмәәтлериндеги гендер аудит нәтийжелерин додалап, жумыс бериўшилер менен бирге 14 тармақ кәсиплик аўқамлары бойынша гендер теңликти тәмийинлеў ушын мәнзилли стратегиялар ислеп шығыў илажларын көрип барса, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз қуўанышлы болады, деп ойлайман.
Төртиншиден, кәсиплик аўқамлары – мийнетти қорғаў бойынша жәмийетлик қадағалаўды алып баратуғын ең үлкен шөлкем.
Кейинги бес жылда олар тәрепинен кәрхана ҳәм шөлкемлерде 152 мың нызам бузылыўы анықланған. Негизинде бундай жағдайлар бир қанша көп.
Мысал ушын, судлар тәрепинен үш жылда 48 мыңнан аслам мийнет келиспеўшиликлери көрип шығылған. Кәсиплик аўқамлары жарастырыўшы, келисим бериўши буўын сыпатында жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўде белсендилик көрсетсе, мақсетке муўапық болады.
Соның менен бирге, жумыс пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлер ҳаққындағы мағлыўматлардың бир пүтин системасы жоқ. Мәселен, бахытсыз ҳәдийселер есабы ҳәм олардың себебин үйрениў отыз жыл алдын қабыл етилген ҳүкимет қарарындағы ескирген нормалар тийкарында қағазда жүргизилмекте.
Бүгин, барлық тараўлар санластырылып атырған бир ўақытта жасалма интеллектти енгизип, бундай жағдайларды жеделлик пенен анықлаў керек екенлигин сизлер, әлбетте, жақсы түсинесиз.
Бәнтлик министри Б.Зоҳидов, денсаўлықты сақлаў министри А.Худаяров, санлы технологиялар министри Ш.Шерматов Кәсиплик аўқамлары менен биргеликте еки ай мүддетте бахытсыз ҳәдийсе ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлерге шатылыў жағдайлары ҳаққындағы мағлыўматларды алыўдың бирден-бир системасын иске қоссын; бундай ҳәдийселердиң есабын жүргизиў, себеплерин таллаў ҳәм оларға шешим табыў бойынша қарар жойбарын киргизсин.
Бесиншиден, ҳәзирги ўақытта Федерация қурамында 14 тармақ кәсиплик аўқамы жумыс алып бармақта.
Тилекке қарсы, тийисли тармақларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң ҳуқықларын исенимли тәмийинлейтуғын басламаларды алға қойыўда олардың даўысы еситилип атырған жоқ.
Көрип турсызлар, экономикамызға жаңадан-жаңа тараў ҳәм бағдарлар, соған сәйкес түрде жаңа кәсиплер, заманагөй технологиялар жедел кирип келмекте. Мине, усындай шараятта тармақ кәсиплик аўқамлары министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ислесип, олардың алдына анық ўазыйпалар қойып барыўы керек емес пе?
Соның ушын, министрликлер ҳәм уйымлар және тармақ кәсиплик аўқамлары коллегиал уйымларының биргеликтеги мәжилисин турақлы түрде өткерип баратуғын системаны жолға қойыўды усыныс етемен.
Бундай қарым-қатнас түри “мәмлекет – жумыс бериўшилер – мийнет жәмәәтлери” арасындағы өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеп, нәтийжели механизмге айланатуғынына исенемен.
Алтыншыдан, Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарлама ислеп шығылмақта.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – мийнет тараўында инсан қәдирин арттырыў, барлық пуқаралар ушын әдалатлы ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыўдан ибарат.
Сонлықтан Кәсиплик аўқамлары, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы бағдарламада мүнәсип бәнтлик, мийнетти қорғаў, социаллық қамсызландырыў, гендер теңлик, жаслар ҳәм инклюзивлик мәселелерине айрықша итибар қаратыўы зәрүр, деп есаплайман.
Буннан тысқары, санластырыў, жасалма интеллект ҳәм “жасыл” экономика жедел раўажланып атырған шараятта мийнет қатнасықлары да соған сәйкес түрде жолға қойылыўы керек.
Ислеп шығылып атырған “Мүнәсип мийнет” бағдарламасы жедел өсип баратырған экономикамызды социаллық әдиллик пенен үйлестиретуғын стратегиялық “жол картасы” болады.
Жетиншиден, ҳәр қыйлы себеплер менен жумыссыз қалған, мийнет етиў процесинде кеселлик ямаса майыплыққа ушыраған адамларды социаллық қоллап-қуўатлаў кепилликлерин күшейтиў де әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Сол себепли, тиккелей әмел ететуғын “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызамның қабыл етилиўин тезлестирип, онда социаллық қамсызландырыў қорын қәлиплестириўде жумыс бериўши ҳәм хызметкерлердиң қатнасыўын анық белгилеп берсек, әдилликтен болады, деп ойлайман.
Және бир мәселе – мәлимлеме коммуникациялары жедел раўажланып атырған ҳәзирги дәўирде адамларға исенимли мағлыўматларды өз ўақтында, дурыс жеткериў оғада әҳмийетли.
Кәсиплик аўқамларында буның ушын имканият та, шараят та, потенциал да жетерли.
Ең үлкен аудиторияға ийе болған кәсиплик аўқамлары ҳадал ҳәм пидайы мийнетти үгит-нәсиятлаў ҳәм мийнет қатнасықларында нызамлылықты тәмийинлеўге байланыслы мәлимлемелерди жәмийетшиликке бириншилерден болып жеткериўи керек.
Қәдирли мийманлар!
Кәсиплик аўқамлары системасындағы 30 дан аслам санаторий ҳәм 100 ден аслам балалар дем алыў орайлары хызметкерлер ҳәм олардың перзентлериниң саламатлығын тиклеп, дем алыўы ушын хызмет етпекте.
Соңғы бес жылда санаторийлерде 900 мыңға шамалас халық өз саламатлығын тикледи, дем алыў орайларында болса 800 мың бала дем алды.
Жақында Ыссықкөлде “Бостан Резорт” пансионатының иске қосылғаны ўатанласларымыз ушын және бир қолайлық болды. Соның менен бирге, бул Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларының беккемленип атырғанының символына айланды.
Ҳәзирги ўақытта кәсиплик аўқамлары инфраструктурасы халқымыздың талапларын толық қамтып алмай атыр, десек, бул да ҳақыйқат болады.
Бул мәселеде ҳәкимлер де шетте қалмаўы керек. Олар ҳәр жылы өз аймағында кәсиплик аўқамлары менен биргеликте ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жәрдеминде заманагөй жойбарлар тийкарында биреўден санаторий ҳәм дем алыў орнын қурыў бойынша өз алдына бағдарлама тастыйықласа, дурыс болады, деп ойлайман.
Әзиз дослар!
Турмыс бир ҳақыйқатты бәрқулла атап өтеди: тарийхты пуқта билместен турып, келешекти қурып болмайды. Соның ушын, ҳәр бир шөлкем ҳәм мәкеме тарийхын үйрениў, оларда мийнет еткен инсанларды еслеў, ийгиликли ислерин келешек әўладларға жеткериў бәршемиздиң миннетимиз.
Усы мақсетте илимпазларымыз, тараў ветеранлары ҳәм белсендилери тәрепинен өткерилген үйрениўлер елимизде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетине 1905-жылы тийкар салынғанын дәлилледи.
Буннан төрт жыл бурын Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тарийхы музейи тараўға байланыслы мағлыўмат ҳәм экспонатлар менен халқымызды таныстырыўда әҳмийетли роль атқармақта.
Сонлықтан, быйыл пүткил мәмлекетимиз бойлап кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық юбилейи кеңнен белгиленбекте. Мине усы қутлы сәне мүнәсибети менен мийнеткеш халқымызға терең ҳүрмет белгиси сыпатында ҳәр бир аймақта “Кәсиплик аўқамлары бағлары”н шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Ҳәзир тапсырма беремен, ўәлаят ҳәкимлери сизлер менен мәсләҳәтлесип, еки ҳәпте ишинде орнын ажыратып береди. Кәсиплик аўқамлары федерациясы – Ташкент қаласында, 14 тармақлық кәсиплик аўқамлары – ўәлаят орайларында бул бағларды шөлкемлестириўге өзлери бас-қас болып, оларды сулыў мәканға айландырса, бул да мийнет сүйгишликтиң символлық белгиси болып хызмет етеди.
Кәрхана ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамлары да жумыс орнында, хызметкерлери жасайтуғын мәҳәллелерде терек егип, жасыл аймақларды кеңейтип, тазалық ҳәм абаданластырыў жумысларын шөлкемлестирсе, мийнет жәмәәтлериндеги орталық пүткиллей басқаша болады, деп ойлайман.
Ҳүрметли ўатанласлар, қәдирли дослар!
Бүгинги сөйлесиўимизде билдирилген усыныс ҳәм басламалар тараўдың раўажланыўы ушын пайдалы болды, деп ойлайман.
Биргеликте баслаған жумысларымыз ҳәр бир мийнет жәмәәти, ҳәр бир хызметкер ҳәм оның шаңарағы ушын пайдалы болып атырғанына және бир мәрте исендим.
“Инсан қәдири ушын,” деген ийгиликли идея буннан былай да Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.
Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерди Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық юбилейи ҳәм жақынласып киятырған Кәсиплик аўқамлары күни менен қызғын қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.
Ел-журтымыз ҳәмийше тыныш ҳәм абат болсын!