Өзбек тили байрамының 36 жыллығы кең түрде белгиленди
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилимизге болған ҳүрмет – бул көп миллетли халқымыздың руўхый дүнясын және де байытыўға, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаўға деген ғамхорлықтың көриниси саналады.
Соңғы жыллары елимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырай-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе өзбек тилин терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажларының жаңа басқышларға көтерилгени – бул елимизде мәмлекетлик тилге болған айрықша итибардың көриниси саналады.
Соны умытпаўымыз тийис, мәмлекетлик тилдиң таза сақланыўы – бул елимиздиң раўажланыўын ҳәмде халқымыздың келешегин белгилейди. Ол өсип киятырған жасларды ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Байрам илажында мәмлекетлик тилдиң турмысымыздағы әҳмийети кең түрде атап өтилди.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.






