"Муфтий сыйлығы - 2025" жарысының толық жеңимпазы - Қарақалпақстан командасы!
"Муфтий сыйлығы - 2025" мини-футбол жарысының финал ойыны болып өтти.
Жуўмақлаўшы ушырасыўда Наманган ўәкиллиги ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командалары өз-ара беллести. Еки команда да бул жарысқа айрықша таярлық көрип келгенлиги айқын көринди. Себеби олардың сайлап алыў басқышынан табыслы өтип, жоқары басқышқа жетип келгени де бийкарға емес.
Жарыс жуўмағы бойынша:
1-орын: Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти;
2-орын: Наманган ўәкиллиги командасы;
3-орын: Самарқанд ўәкиллиги командасына несип етти.
Қызғын өткен ойынды футбол ықласбентлери қол шаппатлаўлар менен бақлап барды. Тийкарғы ўақытта командалар 4:4 есабында теңбе-тең есапқа ийе болды. Жеңимпаз команда пеналтилер сериясы арқалы анықланды. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командасы 4:2 есабында толық жеңимпаз болды.
Жарыстан соң сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери, Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқжон Тошбоев, Өзбекстан футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Равшан Ерматов, Өзбекстан миллий сайланды командасының жәрдемши тренери Темур Кападзе, футбол әпсанасы Миржалол Қосимов ҳәм бир топар жуўапкерлер бас кубокты финал ойыны жеңимпазы Қарақалпақстан командасына салтанатлы түрде тапсырды. Сондай-ақ, жеңимпаз команда ағзаларының ҳәр бирине биринши орын медалы ҳәм ноутбук тапсырылды.
Сондай-ақ, төрешилер, "Ең жақсы дәрўазаман", "Ең көп топ урыўшы", "Ең жақсы ойыншы" номинацияларына миясар болған ойыншыларға да баҳалы саўғалар, сондай-ақ, барлық орын ийелерине ақшалай сыйлықлар ҳәм естелик саўғалары да тапсырылды.



