Германия мәмлекетинен келген делегация менен ушырасыў өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Германия Федератив Республикасы Бундестагиниң Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Херманн Фербер басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда дәслеп Министрлер Кеңесиниң Баслығы бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сол қатары аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Онда сондай-ақ, еки мәмлекет жетекшилери қоллап-қуўатлаўындағы Өзбекстан-Германия арасындағы жолға қойылған қатнасықлар, бул бағдарда регионымызда да әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқталып өтилди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстанда аграр тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, соның ишинде, фермер хожалықлары ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўшы исбилерменлерди, органик өнимлер жетистириў жойбарларын қоллап-қуўатлаў, перспективалы жойбарлар үстинде бирге ислесиў, Германияның алдынғы тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў мәселелери талқыланды.
Өз нәўбетинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарында пикирлерин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында республика басшылары барқулла таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай усыныс қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.


