25-октябрь – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни
Ҳүрметли Ишки ислер уйымлары хызметкерлери!
Тынышлық сақшылары болған Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы, "25-октябрь – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни" менен қызғын қутлықлаймыз.
Тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлерин халқымыз жақсы аңлайды ҳәм қәдирлейди.
Сизлерге, Ўатанымыз ҳәм халқымызға болған садықлығыңыз ушын терең миннетдаршылық билдиремиз.
Және бир мәрте бәршеңизди бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарағыңызға татыўлық, мақтанышлы кәсибиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы