Қарақалпақстан пахта тапсырыў режесин орынлады

Қарақалпақстан Республикасы пахтакешлери 2025-жыл зүрәәти ушын мәмлекетке пахта тапсырыў бойынша белгиленген режени толық орынлап, жоқары нәтийжеге еристи.
2025-жылғы пахта тапсырыў мәўсиминде республика бойынша 315 мың 200 тонна пахта тапсырыў режелестирилген еди. Жанкүйерлик пенен мийнет еткен пахтакешлер бул көрсеткишти 315 мың 345 тонна етип тапсырыў арқалы 100 процент дәрежеде орынлады.
Бул жетискенлик Қарақалпақстан Республикасы фермерлери, дийқанлары, кластер кәрханалары жәмәәтлери, суўшылар, механизаторлар ҳәм барлық аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы хызметкерлериниң мийнетлериниң нәтийжеси болып есапланады.
Ҳәр қандай ҳаўа райында да күни-түни мийнет етип, пахта атызларында жанкүйерлик көрсеткен барлық пахтакешлер ҳәм тараў хызметкерлери өзлериниң машақатлы мийнетлери менен бул үлкен нәтийжеге үлесин қосты.
Әлбетте, үйилген қырман елимиздиң економикасын беккемлеўге, санаатты буннан былай да раўажландырыўға ҳәм жаңа қуўатлықларды жаратыўға хызмет етеди.