Ишки ислер уйымлары хызметкерлерине ҳәм ветеранларына
Ҳүрметли ишки ислер системасы хызметкерлери!
Қәдирли офицер ҳәм генераллар, сержант ҳәм қатардағылар!
Ҳүрметли ветеранлар!
Сиз, әзизлерди 25-октябрь – Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Бул қутлы әййямда, бәринен бурын, Ўатан алдындағы муқаддес антыңызға бәрқулла садық қалып, елимиздиң тынышлығы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында өзиңизге жүкленген оғада әҳмийетли ўазыйпаларды жоқары жуўапкершилик пенен орынлап киятырғаныңызды айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Кейинги жылларда ишки ислер уйымларын ҳақыйқый халықшыл структураға айландырыў бағдарында әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымыздың нәтийжесинде елимизде тынышлық-татыўлық орталығын исенимли тәмийинлеў бойынша беккем тийкар жаратылды.
2025-жылы “Ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў” барлық дәрежедеги басшылар ушын ең тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди. Усы мақсетте жынаятлар жүз бериў жағынан жағдайы аўыр болған мәҳәллелерге ишки ислер уйымлары менен биргеликте барлық жуўапкер шөлкемлердиң басшылары ҳәм ҳуқық қорғаў системасындағы жоқары оқыў орынлары бириктирилип, олардың орынлардағы күнделикли мәнзилли жумысы ҳәм қәўипсиз орталық жаратыўға қаратылған “бирден-бир жумыс шынжыры” жаратылды.
Бул категориядағы мәҳәллелер киши аймақларға бирлестирилип, оларда “оператив жәрдем” функциясын атқаратуғын ҳуқық-қорғаў орынлары шөлкемлестирилди, мигрантлар ҳәм жаслар менен ислесиў бойынша өз алдына шөлкемлестириўшилик-профилактикалық механизмлер қәлиплестирилди. Профилактика, оператив-излеў, патруль-пост, жол-патруль ҳәм қорғаў хызмети инспекторларының биргеликтеги жумысы жолға қойылып, олар “мәҳәлле жетилиги” ҳәм халық пенен тығыз биргеликте жумыс алып бармақта.
Елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалар, социаллық бағдарламалар ҳәм ҳуқықый тәртипти беккемлеў бағдарындағы илажлар нәтийжесинде жыл даўамында жәми мәҳәллелердиң ярымынан көбирегинде жынаят исленбеди, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм жумыссызлар арасында жынаятшылықтың кескин азайыўына ерисилди.
Өз гезегинде, тараўда заман талапларына сәйкес түрде нәтийжелиликке ерисиўге қаратылған жаңаша жумыс ислеў әмелияты енгизилмекте. Атап айтқанда, ишки ислер уйымларының санлы инфраструктурасында трансформация процесслери басланды, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў әмелиятына жасалма интеллект имканиятлары кеңнен енгизилмекте.
Қысқа мүддетте министрликлер ҳәм уйымлардың қырққа шамалас мағлыўматлар базасы менен интеграцияласқан “Қәўипсиз қала” бирден-бир платформасы жаратылды, 20 дан аслам жаңа мәлимлеме системалары иске қосылды, “Бирден-бир мигрант” мәлимлеме базасы жәрдеминде узақ ўақыт сырт елде болған шахслар менен мәнзилли ислесиў системасы жолға қойылды.
Дүнья көлеминде барған сайын күшейип атырған кибержынаятлардың қәўип-қәтери ҳәм тәсиринен мәмлекетимизди исенимли қорғаў, әсиресе, халқымыздың олардан жәбирлениўине жол қоймаў бойынша комплексли механизмлер енгизилмекте. Әлбетте, бул тараўда заманагөй профессионал кадрларға болған талапты арттырмақта.
Усыған байланыслы 2025-2026-оқыў жылынан баслап Ишки ислер министрлиги Академиясында дуал билимлендириў процеси ҳәм инновациялық педагогикалық технологиялар тийкарында “Санлы технологиялар тараўында жынаятларға қарсы гүресиў жумысы” бағдарында маман кадрлар таярлаў бойынша жаңа система жолға қойылғаны әҳмийетли қәдем болды.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Жынаятлардың ерте алдын алыў, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў арқалы халқымыздың турмысын және де тыныш ҳәм берекетли етиўге қаратылған ҳәрекетлеримизди биз буннан былай да тийкарғы дәрежеде избе-излик пенен даўам еттиремиз. Онда “мәҳәлле жетилиги” имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, шаңарақ, билимлендириў мәкемеси, мәҳәлле белсендилери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Биз заман талапларын есапқа алып, ишки ислер уйымларында жынаятшылыққа қарсы гүресиў процесине санлы технологиялардың имканиятларын кеңнен енгизген ҳалда шөлкемлестириў, кибералдаўшылық ҳәм киберурлықларға шек қойыў бойынша жумысларды жаңаша көзқараслар тийкарында және де жеделлестиремиз.
Пүткил жер жүзинде нәшебентлик бәлеси тийкарынан жас өспиримлер ҳәм жасларды өз ағымына тартып атырғаны ҳәммемизди сергекликке шақырыўы зәрүр. Бул иллеттен миллий генофондымызды сақлаў мақсетинде шөлкемлескен наркожынаятшылыққа пүткиллей шек қойыў бағдарындағы ҳәрекетлеримизди жаңа басқышқа алып шығыўымыз, оператив-профилактикалық ҳәм тергеў жумысларын мәнзилли шөлкемлестириўимиз керек.
Мине, усы тийкарғы бағдарларда мобилизацияны күшейтип, биргеликте ҳәрекет етип, жумысымыздың нәтийжесин кескин арттырсақ, халқымыздың шын мәнисиндеги разылығына ерисемиз, деп исенемен.
Әзиз дослар!
Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерге Ўатанымыз ҳәм халқымыздың тынышлығы жолындағы садық ҳәм пидәкерлик хызметиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бул даңқлы әййямда ел-журт тынышлығы жолында қайтыс болған мәрт тараў хызметкерлерин ҳүрмет пенен еске алып, олардың шаңарақлары ҳәм перзентлерине жақсы тилеклеримизди жоллаймыз.
Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў, заманагөй жумыс шараятлары, зәрүр техникалық қураллар менен тәмийинлеў, маман кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў мәселелери бәрқулла итибарымыз орайында болып қалады.
Сизлерди бүгинги қуўанышлы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық, жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти