Ҳүрметли аўыл хожалығы хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги мийнет жеңиси – Қарақалпақстан Республикасының пахта тапсырыў режесиниң орынланғаны мүнәсибети менен гүллән халқымыз атынан қызғын қутлықлаймыз.
2025-жылдың зүрәәти ушын 80 мың гектар егислик майданларына шигит егилип, 315 мың 200 тонна зүрәәт жыйнап алыў белгиленген еди. Мийнетсүйгиш пахтакешлеримиздиң пидәкерли хызметлери арқасында бүгин бул шекке ерисилип, реже 315 мың 345 тонна етип толық орынланды.
Бул нәтийжени қолға киргизиў жолында Әмиўдәря, Беруний, Елликқала, Тақыятас районлары бириншилерден болып өз режесин орынлады. Буннан соң, Нөкис районы, Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Қараөзек районлары белгиленген шекти қолға киргизди. Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Кегейли районлары пахтакешлери де өзиниң салмақлы үлесин қосты.
Быйылғы зүрәәтти жыйнап алыўда, республикамыздың барлық фермерлери, дийқанлары, кластер кәрханалар жәмәәтлери, суўшы-ирригаторлар, агроном-механизаторлар, тараўдың барлық буўындағы ўәкиллери менен бирге мийнеткеш халқымыз да аўызбиршилик пенен өз үлесин қосқаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.
Соныда айрықша айтыўымыз керек, пахтадан мол қырман үйиўде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген, техника алыўдағы бир қатар жеңилликлерди бериўши арнаўлы 66-санлы қарары тийкарында республикамызға алып келинген 1 000 нан аслам жаңа техника ҳәм агрегатлардың да үлеси салмақлы болды. Әсиресе, пахта териўди механизацияластырыў бағдарында әҳмийетли қәдемлердиң бири болған 60 тан аслам пахта териў машиналарының алып келинип, атыз майданларында хызмет етиўи зүрәәтти жыйнап алыўда пахтакешлерге айрықша күш-жигер бағышлады десек алжаспаған боламыз.
Ҳүрметли тараў пидайылары!
Сизлерди және бир мәрте пахтадан мол қырман үйиўдеги мийнет жеңисиңиз бенен қызғын қутлықлаймыз. Табысыңыз жылдан-жылға арта берсин!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы