Шоманай районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Бегжап» АПЖ аймағындағы жаңадан қурылып атырған «Омад Сулд» тузды қайта ислеў кәрханасының қурылыс жумысларын көзден өткерилди. Жаңа кәрхана иске түсиўи ушын барлық мүмкиншиликлерди иске салыў бойынша тапсырмалар берилип, анық ўазыйпалар белгиленди.
Буннан соң «Маденият» МПЖ аймағындағы Драйвер 24/7 жойбары тийкарында исленип атырған жаслар паркиниң қурылыс жумыслары менен танысты. Бул жерде жаслар ушын мәдений дем алыў ҳәм саўда орынлары, байлам илажлары ҳәм концерт бағдарламаларын өткериў ушын ашық аспан астындағы арнаўлы майданша шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары менен 9,4 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан қурылған районлық медицина бөлимине қараслы көп тармақлы поликлиникада жаратылған шараятлар, соның менен бир қатарда ишки жап-салмаларды бетонлаў жумыслары көзден өткерилди.
Район орайында шөлкемлестирилген өнерментлер саўда орны жумыслары да барып көрилди. Исбилерменлердиң өз жумысын раўажландырыўы ушын жақыннан жәрдем бериў, олардың машқалаларына шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Райондағы бар болған машқалаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасыў өткерилип, мәҳәллелердеги шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикирлесилди.
Буннан соң, районды социаллық-економикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша ис-илажлар бағдарламасының орынланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.






