Жаңа саўда орны жумыс баслады
Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген айрықша қарар ҳәм пәрманлары тийкарында елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша қолайлы шараятлар жаратылып, бир қатар жеңилликлер берилген. Усы тийкарда бүгинги күнде исбилерменлер саны артып, жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.
«GAWXAR STROY MARKET NUKUS» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген «BEREKET STROY» саўда орны бүгинги күнде халқымызда көп тармақлы, кең ассортиментте хызмет көрсетип келмекте.
Улыўма 5 филиалға ийе саўда тармағында 100 ге жақын жаслар жумыс пенен тәмийинленген болып, бүгинги күнде бир ғана «BEREKET SAWDA ORAYI» саўда комплексиниң өзинде 20 жастың бәнтлиги тәмийинленген. Сондай-ақ, саўда комплекси толық қуўатлылықта иске түскеннен соң жумыс орынларының саны 100 ге жеткерилиўи күтилмекте.



