Партия мақтанышы - журт раўажланыўы жолындағы пидайыларға ҳүрмет
Нөкис қаласында 1-ноябрь - Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен салтанатлы байрам илажы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасты.
Сондай-ақ, партияның Қарақалпақстан Республикалық шөлкеминиң хызметкерлери, партия системасында мийнет еткен ветеранлар ҳәм белсендилер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов алып барды.
Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Раджапбай Нуразизов барлық қатнасыўшыларды Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 34 жыллығы байрамы менен қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде партияның елимизде демократиялық реформаларды тереңлестириў, күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм халықтың мәплерин қорғаўдағы орны әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, партияның социаллық әдиллик принциплерине садық ҳалда кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламалары айрықша атап өтилди.
Илаж даўамында жәмийеттеги социаллық-сиясий процесслерде белсене қатнасып, партияның абырайын арттырыўда пидайылық көрсетип киятырған ветеранлар, депутатлар ҳәм белсендилердиң мийнетлери атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен бир қатар қатнасыўшыларға партияның Орайлық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген "Өзбекстан Халық демократиялық партиясы мақтанышы" көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам илажы қызғын сөйлесиў, өз-ара пикир алысыў ҳәм аўызбиршилик руўхында, "бир кесе шай" әтирапында даўам етти. Қатнасыўшылар партияның келешекте әмелге асырылыўы тийис болған мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша пикирлести ҳәм халықтың мәплерин қорғаў жолындағы ҳәрекетлер белгилеп алынды.
Илажда мәденият бөлими шеберлери тәрепинен атқарылған түрли нама-қосықлар жыйналғанларға көтериңки руўх ҳәм байрам кейпиятын бағышлады.



