Нөкис қаласында жаңа саўда комплекси пайдаланыўға тапсырылды
Бүгин Нөкис қаласында халыққа хызмет көрсетиўши «Zor Market» саўда комплексиниң ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министри В.Жоллыбеков шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти ҳәм жыйналғанларды жаңа саўда комплекси ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар елимизде исбилерменликти раўажландырыўға, олардың санын көбейтиўге, регионымыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыўға, баслысы, жаңадан-жаңа жумыс орынларын жаратыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте.
«Paint Spring» ЖШЖ тәрепинен улыўма 25 млрд, соннан 10 млрд. сум жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған саўда комлпексинде бүгинги күнде 80 жумыс орны жаратылған.
Әлбетте, жаңадан ашылып атырған бундай саўда орынлары, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеп, халқымыз ийгилиги жолында хызмет етеди.





