Өзбекстан Президенти Социаллық раўажланыў бойынша екинши Жәҳән саммитинде қатнасады
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң мирәт етиўине бола 3-4-ноябрь күнлери Социаллық раўажланыў бойынша екинши Жәҳән саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.
Илаж даўамында социаллық-экономикалық раўажланыўдағы айырмашылықларды сапластырыў, Социаллық раўажланыў ҳаққындағы Копенгаген декларациясының мақсет ҳәм принциплерине садықлық, сондай-ақ, 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириў мәселелери көрип шығылады.
Халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, миллий стратегияларды жетилистириў ҳәм жәмийетлердиң турақлылығы, социаллық әдиллиги ҳәм инклюзивлигин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.
Социаллық раўажланыў бойынша Жәҳән саммити мәмлекетлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, БМШ системасындағы структуралар, пуқаралық жәмийети институтлары, экспертлер ҳәм исбилермен топарлар арасындағы конструктивлик қарым-қатнас ушын әҳмийетли платформа болыўға қаратылған.
Форумның тийкарғы мақсети кәмбағаллықты сапластырыў бойынша глобал ҳәрекетлерди жеделлестириў, толық ҳәм нәтийжели бәнтликке жәрдемлесиў, мүнәсип мийнет шараятларын тәмийинлеў және заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм өз-ара байланыслылық шараятында социаллық интеграцияны кеңейтиўден ибарат.
Саммит жуўмағында турақлы ҳәм инклюзив социаллық раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў бағдарында халықаралық шерикликти буннан былай да беккемлеў және өз-ара келисилген көзқарасларды раўажландырыўға қаратылған Доҳа декларациясын қабыл етиў режелестирилген.