Өзбекстан Президенти глобал социаллық әдилликти беккемлеў бойынша басламаларды алға қойды
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-ноябрь күни Доха қаласында өтип атырған Социаллық раўажланыў бойынша екинши Пүткил жер жүзилик саммитте қатнасты.
Әнжуман жумысында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний, БМШ Бас Ассамблеясының Баслығы Анналена Бербок, БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң баслығы Лок Баҳодир Тхапа, мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.
Президентимиз сөзиниң алдында форумға жоқары дәрежеде таярлық көрилгени ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирип, глобал социаллық раўажланыў ушын әҳмийетли майдан болған саммиттиң мине, усы Доха қаласында өткерилип атырғаны үлкен рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда Қатар социаллық инклюзивлик ҳәм жедел раўажланыў орайына айланып атырғанын атап өтип, бул мәмлекет халқын ерисилген табыслар менен қызғын қутлықлады.
Президентимиз бүгинги күнде дүнья жәмийетшилиги ҳәм миллий ҳүкиметлер социаллық абаданлықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў жолында биргеликте ҳәрекет етип атырғанын атап өтти. Өзбекстан, өз гезегинде, турақлы раўажланыўға ерисиўге қаратылған халықаралық бирге ислесиўдиң барлық форматларын ҳәм басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлайды.
Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстанда “Инсан қәдири ушын” деген принцип үстин болған, социаллық әдиллик тәмийинленген, халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары нәтийжели қорғалған социаллық мәмлекет қурыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
– Кейинги жылларда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға еристик. Биз бул жолдағы реформаларды буннан былай да даўам еттиремиз, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы глобал социаллық әдиллик ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеўге қаратылған бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Раўажланып атырған мәмлекетлердиң социаллық бағдарламаларына ресурсларды кеңнен тартыў мақсетинде кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасын жаратыў ўақты келди, деп есаплаймыз, – деди Президентимиз.
Усы мүнәсибет пенен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық теңсизликти азайтыўға әмелий жәрдем беретуғын Глобал социаллық әдиллик фондын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы бәнтлик мәселелерин нәтийжели шешиў ушын заманагөй механизмлерди енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, жоқары технологиялар ҳәм жасалма интеллекттиң жедел раўажланыўы дүнья бойлап миллионлаған жумыс орынларының қысқарыўына алып келмекте. Бундай шараятта хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық шериклик принциплерин беккемлеў ушын мәмлекет, бизнес ҳәм жәмийеттиң жедел бирге ислесиўи айрықша әҳмийетке ийе.
Президентимиз “Социаллық жуўапкершилик ҳәм мүнәсип мийнет бойынша глобал басламаны” ислеп шығыў усынысы қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирди.
Ҳәмме ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў социаллық машқалаларды шешиўдиң ең нәтийжели жолларынан бири екени атап өтилди.
Экспертлердиң есап-санақларына бола, саўатсызлықтың жыллық экономикалық зыяны 1,4 триллион АҚШ долларын қурайды.
Бул Президентимиздиң атап өткениндей, жаслардың жәмийетте ҳәм мийнет базарында өз орнын табыўын қыйынластырады, социаллық теңсизликти болса күшейтеди.
Мәмлекетимиз басшысы күни кеше болып өткен Ашлық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша глобаллық альянстың биринши мәжилисинде қабыл етилген қарарларды Өзбекстан толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.
Альянстың болажақ саммитлеринен бирин Өзбекстанда өткериў ҳәм билимлендириў мәселелерин күн тәртибиниң тийкарғы темасы етип белгилеў усыныс етилди.
Мийнет мигрантларын ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын системалы қорғаў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Халықаралық миграция шөлкеми менен биргеликте Ташкент қаласында мигрантлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық-ҳуқықый қорғаў бойынша халықаралық форум өткериўге және бул бағдарда Глобаллық бағдарламаны қабыл етиўге таяр.
Президентимиз климат өзгериўиниң социаллық турмысқа тәсири барған сайын күшейип атырғанын атап өтти. Экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери, шөллениў ҳәм биологиялық көптүрлиликтиң жоқ болыўы, бәринен бурын, халықтың әззи қатламлары – фермерлер, мәўсимлик жумысшылар, экологиялық жағдайы қыйын болған аймақларда жасайтуғын адамлардың турмысына унамсыз тәсир етпекте.
Климат өзгериўине қарсы гүресиўди бәнтлик бағдарламалары менен үйлестириў бойынша комплексли илажлар көриў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан БМШ тәрепинен экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәрияланған Аралбойы регионын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жаңа моделин иске қосыў нийетинде екенин мәлим етип, бул тәжирийбени дүнья жәмийетшилиги менен бөлисиўге таяр екенин билдирди.
Саммитте қабыл етилген қарарлар пүткил дүньядағы миллионлаған адамларға үмит бағышлайтуғыны, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирилди.
– Халықаралық раўажланыў жолында социаллық келисимди жаңалаў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс тәризин жаратыў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти саммитте қабыл етилген Доҳа сиясий декларациясын толық қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм оның барлық принциплерин турмысқа енгизиўге таяр екенин тастыйықлады.




