Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң социаллық раўажланыў бойынша екинши Пүткил жер жүзилик саммиттеги шығып сөйлеген сөзи
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Баслық Ханым!
Ҳүрметли Бас хаткер Уллы Мәртебели Мырза!
Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!
Қәдирли достым, Қатар Әмири Шайх Тамим Ол-Соний Уллы мәртебели Мырзаға Пүткил жер жүзилик саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестирип атырғаны ҳәм шын жүректен миймандослық ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Уллы Мәртебели Мырза Антониу Гутерришке усы әнжуманды өткериўдеги үлкен жеке үлеси ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Глобал социаллық раўажланыў ушын әҳмийетли платформа болған саммиттиң мине усы Доха қаласында өткерилип атырғаны үлкен рәмзий мәниге ийе.
Қатар Мәмлекети соңғы жылларда социаллық инклюзивлик ҳәм жедел раўажланыўдың глобаллық орайына айланбақта. Бундай үлкен табыслар менен Қатар халқын шын жүректен қутлықлайман.
Бүгинги күнде социаллық абаданлықты тәмийинлеў, халықтың турмысын жақсылаў бағдарында дүнья жәмийешилиги ҳәм миллий ҳүкиметлер биргеликте ҳәрекет етип атырғаны итибарға ылайық.
Өзбекстан турақлы раўажланыўға қарай барлық халықаралық бирге ислесиў форматларын ҳәм басламаларын бәрқулла қоллап-қуўатлайды.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Биз соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанда “Инсан қәдири ушын” деген принцип үстин болған, социаллық әдиллик тәмийинленген, жәрдемге мүтәж халық нәтийжели қорғалған жәмийет қурмақтамыз. Бул жолдағы қатаң позициямыз жаңа Конституциямызда беккемлеп қойылды ҳәм елимиздиң социаллық мәмлекет сыпатындағы статусы жәрияланды.
Бурын бөлек-бөлек болған социаллық қорғаў бағдарламалары бирден-бир структура – Социаллық қорғаў миллий агентлиги тийкарында бирлестирилди. Жаңа социаллық қорғаў моделимиз жәмийеттиң төменги буўыны болған мәҳәлледен баслап, ҳәр бир шаңарақты қамтып алмақта.
Соңғы жылларда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға еристик. Биз бул жолдағы реформаларды буннан былай да даўам еттиремиз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Дүньяда қурамалы экономикалық-социаллық процесслер болып атырған ҳәзирги шараятта төмендеги усынысларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў әҳмийетли.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүньяда 1 миллиард 100 миллион халық кәмбағаллықта жасамақта.
Раўажланып атырған мәмлекетлердиң социаллық бағдарламаларына ресурсларды кеңнен тартыў мақсетинде кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасын жаратыў ўақты келди, деп есаплаймыз.
Бул бағдарда социаллық теңсизликти азайтыў, кәмбағаллықты қысқартыўға әмелий жәрдем беретуғын Глобал социаллық әдиллик фондын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Екиншиден, бәнтлик мәселесин нәтийжели шешиўде жаңа, заманагөй механизмлерди иске қосыў үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық мийнет шөлкеминиң есабатына бола, 2024-жылы глобал жумыссызлық дәрежеси 5 процентти қурады. Жоқары технологиялар, жасалма интеллекттиң жедел кирип келиўи дүньяда миллионлаған жумыс орынларының жоғалтылыўына алып келмекте.
Бундай шараятта ҳүкиметлер ҳәм бизнес социаллық шерик сыпатында хызметкерлерди қоллап-қуўатлаўға үлкен әҳмийет бериўи зәрүр. Усы мүнәсибет пенен социаллық жуўапкершилик ҳәм мүнәсип мийнет бойынша глобаллық басламаны ислеп шығыў ҳаққындағы усынысымызды мақуллайтуғыныңызға исенемиз.
Үшиншиден, ҳәмме ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў арқалы социаллық машқалаларға нәтийжели шешим табыў мүмкин.
Ҳәзирги дәўирде саўатсызлықтың жыллық экономикалық зыяны 1,4 триллион АҚШ долларына тең, деп баҳаланбақта. Бул болса жас әўладтың социаллық турмыс ҳәм мийнет базарында өз орнын табыўын қыйынластырмақта ҳәм теңсизликтиң кескин артыўына себеп болмақта.
Биз кеше өткен Ашлық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша Глобаллық альянстың биринши ушырасыўының қарарларын толық мақуллаймыз. Оның келеси саммитлеринен бирин Өзбекстанда өткериўди ҳәм билимлендириў мәселесин тийкарғы күн тәртиби сыпатында белгилеўди усыныс етемиз.
Төртиншиден, мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын системалы қорғаў зәрүрлиги артып бармақта.
Ҳәзирги күнде дүньяда 300 миллионнан аслам мигрантлар сырт еллерде мийнет етпекте. Тилекке қарсы, олардың ҳуқықларының бузылыўы менен байланыслы жағдайлар көп ушыраспақта.
Келеси жылы халықаралық мийнет ҳәм миграция шөлкемлери менен биргеликте Өзбекстанда Мигрантлар ҳәм олардың шаңарақларын социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў бойынша халықаралық форум өткериў ҳәм Глобаллық бағдарламаны қабыл етиўди усыныс етемен.
Бесиншиден, ҳәммемиз климат өзгериўиниң социаллық турмысқа тәсирин анық сезип турмыз.
Экстремал ҳаўа-райы, шөллениў, биокөптүрлиликтиң жоқ болыўы, бәринен бурын, әззи қатламлар – дийқанлар, мәўсимлик жумысшылар, қыйын экологиялық жағдайдағы регионлар халқының турмысына унамсыз тәсир етпекте.
Климат өзгериўине қарсы гүресиўди бәнтлик бағдарламалары менен үйлестириў бойынша комплексли илажларды көриў – оғада әҳмийетли ўазыйпа. Бул бағдарда Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюциясы менен экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жәрияланған Аралбойы регионында Социаллық-экономикалық раўажланыўдың жаңа моделин иске қосыў нийетиндемиз. Бул бағдардағы тәжирийбемизди дүнья жәмийетшилиги менен бөлисиўге таярмыз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бүгин биз қабыл етип атырған қарарлар дүньядағы миллионлаған адамларға исеним ҳәм үмит бағышлайтуғыны, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге салмақлы үлес қосатуғыны сөзсиз.
Халықаралық раўажланыў жолында социаллық келисимди жаңалаў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс тәризин жаратыў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.
Усы мәниде, бүгин қабыл етилип атырған Доҳа сиясий декларациясын толық қоллап-қуўатлаймыз. Биз онда белгиленген принциплерди турмысқа толық енгизиўге таярмыз. Әлбетте, бул тарийхый декларация Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында улыўма ҳәрекетлерди күшейтиўге хызмет етеди.
Сөзимниң жуўмағында бәршеңизге әўмет ҳәм табыслар, Пүткил жер жүзилик саммит жумысына болса табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.