Кәсиплик аўқамлары күнине арналған илаж өткерилди
Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим орынлардың биринде 11-ноябрь – Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары күнине бағышлап, байрам илажы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасып, тараў пидайыларын сәне мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде еркин ҳәм абадан турмыс, демократиялық жәмийет қурыў жолында алып барып атырған түпкиликли реформалар ҳәм олардың әмелий нәтийжелерин тәмийинлеўде кәсиплик аўқамларының да мүнәсип үлеси бар. Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында турмысқа енгизилип атырған жаңаланыўларда 120 жыллық тарийхқа ийе Өзбекстан кәсиплик аўқамлары да әҳмийетли орын ийелеп келмекте.
Бүгинги өткерилген илажда кәсиплик аўқамларының жумысы, мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплери менен ҳуқықларын қорғаў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийети ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, бир топар тараў ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен көкирек белгилери, сондай-ақ, бир қатар белсендилер «Ўзбекистон касаба уюшмаларининг 120 йиллиги» естелик нышаны менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен бир кесе шай үстинде даўам етти.






