Жоқарғы Кеңес Баслығы Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук пенен ушырасты.
Ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўлер нәтийжесинде бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы сонғы жыллары республикамызда алып барылып атырған кең көлемли реформалар, аймақты социаллық-економикалық жақтан раўажландырыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы ҳәм пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Елши тәрепинен Франция мәмлекети Қарақалпақстан Республикасы мәденияты, түризм потенциалы, региондағы екологиялық жағдай менен таныс екенлигин, сондай-ақ, Нөкис қаласында өткерилип атырған Франция мәденияты айлығы мәдений байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынлығын билдирди.
Өткерилген ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-економикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм сырт елли шериклерди кеңнен тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен кеңнен таныстырып өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли мийманның республикамызға болған сапарынан миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда ҳәр қандай жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын, буның ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилетуғынлығын айтып өтти.


