Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын қабыллаўы болып өтти
Усы жылдың 7-ноябрь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң исбилерменлер ушын шөлкемлестирилген мүрәжат ботына келип түскен машқалаларға унамлы шешим табыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтиң қабыллаўы өткерилди.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.
Билдирилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.



