Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм фармацевтиканы раўажландырыў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, тараўды түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўын табыслы тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, өзиниң билим ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлиги менен диагностика ҳәм емлеў әмелиятында заманагөй, жоқары технологиялық усылларды кеңнен қолланыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, жәмиетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге мүнәсип үлес қосып киятырғаны, жоқары маман кадрларды таярлаў жолындағы үлкен хызметлери және жәмиетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
I дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен:
Кабулов Мелс - Қарақалпақстан медицина институты хирургиялық кеселликлер ҳәм трансплантология кафедрасы профессоры
II дәрежели «Саломатлик» ордени менен:
Есенбаев Пухарбай Қазақбаевич - Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының Қанлыкөл районы бөлими автокәрханасы баслығы
Мадреймова Гулпаршин Имамаддиновна - Тахтакөпир районындағы "А.Адилов" шаңарақлық шыпакерлик пункти патронаж мийирбийкеси
«Дўстлик» ордени менен:
Жайбергенова Гулнара Муратбаевна - Қараөзек районы медицина бирлеспесиниң туўыў бөлиминиң неонатологи
«Соғлом турмуш» медалы менен:
Маримова Еркиной Қозийевна - Беруний районы медицина бирлеспесиниң нәрестелер бөлими баслығы