Өзбекстан кәсиплик аўқамлары белсендилери ҳәм ағзаларына
Қәдирли ўатанласлар!
Мәмлекетимиздеги ең ғалабалық пуқаралық институтының ағзалары болған сиз, әзизлерди 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әлбетте, бул байрамның елимизде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы кеңнен белгиленип атырған күнлерде өтип атырғаны оның гөззаллығын және де арттырмақта.
Бәршемиз жақсы түсинемиз, Жаңа Өзбекстан – бәринен бурын, инсанның өмири, оның саламатлығы, ҳуқық ҳәм мәплери, қәдир-қымбаты нызам тийкарында исенимли қорғалатуғын мәмлекет дегени.
Соның ушын өз қатарларында сегиз миллионға шамалас ағзаны бирлестирген кәсиплик аўқамларының мийнет тараўындағы ҳуқық ҳәм мәплерди қорғаў, әдиллик ҳәм теңлик принциплерин тәмийинлеў бағдарындағы бир әсирден аслам тәжирийбе мектеби елимизде жаңа жәмийет, жаңа мәмлекет қурыўда биз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Бул ҳақыйқатты терең түсинген кәсиплик аўқамларының белсендилери социаллық тараўдағы бағдарламаларымызды әмелге асырыў, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жаслар, ҳүрметли кекселеримиз, әзиз ҳаял-қызларымыздың мәплерин қорғаўда айрықша жанкүйерлик көрсетип келмекте.
Тек ғана кейинги 5 жылда сизлердиң ис-ҳәрекетлериңиз бенен дерлик 500 мың пуқараның ҳуқықлары тикленгени, кәрхана ҳәм мәкемелерде 20 мыңға шамалас жәмийетлик қадағалаў ҳәм гендер теңликке байланыслы аудит илажлары өткерилгени, мийнетти қорғаў бойынша 21 мыңнан аслам кемшилик сапластырылғаны, дерлик 1 миллион хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 1 мың 200 урыс ҳәм мийнет фронты ветеранлары санаторийларда саламатлығын тиклегени, 800 мыңнан аслам балалар ушын жазғы дем алыў имканиятлары жаратылғаны дыққатқа ылайық.
Мәмлекетимиз кәсиплик аўқамларының сырт еллердеги түрлес шөлкемлер ҳәм халықаралық структуралар менен бирге ислесиў байланысларының беккемленип атырғаны, Федерациямыздың онлаған халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерге ағза болғаны да оның кең көлемли жумысынан дерек береди.
Ҳүрметли дослар!
Жақында сизлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў түринде өткерилген, ҳәрекет тарийхына жарқын бет болып киретуғын ушырасыўда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы, оның тармақлар ҳәм орынлардағы бөлимлериниң жумысын ҳәр тәреплеме таллап, келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеп алдық.
Мине, усы ушырасыўда сизлердиң көплеген тараўларда социаллық шерикликти кеңейтиў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық кәрхана ҳәм шөлкемлерде хызметкерлер, әсиресе, рәсмий емес бәнт болған пуқаралар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың кәсипке ҳәм мийнетке байланыслы ҳуқықларын тәмийинлеў системасын күшейтиў, улыўма, рәсмий емес бәнтликке шек қойыў бойынша басламаларыңыз бенен танысып, тараў хызметкерлери пүткил халқымыз қатары өз алдына үлкен мақсетлер қойып жасап атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим.
Ҳәр қыйлы социаллық-экономикалық келиспеўшиликлерге толы болған ҳәзирги қурамалы заманда бундай кең көлемли ўазыйпаларды әмелге асырыў, әлбетте, аңсат емес.
Буның ушын, бәринен бурын, “жасыл” экономика ҳәм жасалма интеллект жедел раўажланып атырған дәўирде мийнет базарында жаңаша қатнасықлар қәлиплесип атырғаны, онлаған кәсиплер бойынша платформалы бәнтлик жолға қойылып атырғанын есапқа алып, мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, өмир ҳәм қәўипсизликти қамсызландырыўға байланыслы ҳуқықый нормаларды нызамшылығымызда анық белгилеп қойыўымыз, сол тийкарда жаңаша жумыс системасына өтиўимиз зәрүр.
Халықаралық мийнет стандартларын миллий нызамшылыққа имплементациялаў ҳәм жәмийетлик турмысқа енгизиў, мәмлекетимиздиң 2026-2030-жылларға мөлшерленген Мүнәсип мийнет бойынша бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысының келеси бес жыллық стратегиялық бағдарларын белгилеп алыў да әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Мине, усы ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўда өз өмирин инсан мәплерин қорғаўдай ийгиликли иске бағышлаған, тараўда көп жыллардан берли нәтийжели хызмет етип киятырған Өзбекстан кәсиплик аўқамларының барлық жанкүйер белсендилери ҳәм ағзалары бай билим ҳәм тәжирийбесин жумсап, пидәкерлик пенен мийнет етеди, деп исенемен.
Өз гезегинде, биз ҳәзирги оғада әҳмийетли раўажланыў басқышында елимизде мийнет қатнасықларын жетилистириўде кәсиплик аўқамларының мәмлекетлик уйымлар менен және де тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыўы ушын қосымша шараятлар менен имканиятларды жаратып бериўге таярмыз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Сизлерди мәмлекетимиз кәсиплик аўқамларының қутлы байрамлары менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда үлкен жетискенликлер ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти