Нөкис районын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында жаңадан қурылған обектлер пайдаланыўға тапсырылды
Усы жылдың 11-ноябрь күни Нөкис районлық суў тәмийнаты кәрханасының жаңа имараты, район халқын таза ишимлик суў менен тәмийинлейтуғын Насос станциялары ҳәм ишимлик суў тармақлары, сондай-ақ, заманагөй лабораторияның пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкар, Азия раўажланыў банкиниң 11,4 млн доллар қаржылары тийкарында қурылыс жумыслары алып барылды. Соннан, 263 км ишимлик суўы тармақлары тартылыўы арқалы 31 мыңнан аслам халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланыўына ерисилди. Сондай-ақ, «Мәденият», «Абадан» ҳәм «Кердер» насос станциялары, районлық суў тәмийнаты кәрханасының еки етажлы жаңа имараты, барлық заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория қурып питкерилди.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде район халқын ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси алдынғы 68,4 проценттен – 90 процентке жеткерилиўине ерисилди.
Әлбетте, жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған бул обектлер район халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар әмелге асырылған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.






