Тақыятас районында халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районына кириў орнында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.
Буннан соң «Жайхун» МПЖ аймағында Санаатқурылысбанк балансындағы бос турған имаратта «ЛЕДУЛТРАЕНЕРЖИ» ЖШЖниң картон ислеп шығарыў жойбары, “Гринхаус голд” ЖШЖниң Ин-витро усылында нәл жетистириў жойбары, сондай-ақ, “Сурхон Тахиатош текстил” ЖШЖниң тигиў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди. Исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў керек екенлиги атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Марказий» МПЖ аймағындағы авариялық жағдайдағы үйлерде жасап атырған пуқараларды социаллық үйлерге көшириў жумыслары менен танысты. Сондай-ақ, «Абат мәкан» МПЖдағы социаллық үйде пуқаралар ушын жаратылып атырған шараятлар көзден өткерилди.
Тақыятас дийқан базары жанынан жаңадан қурылып атырған көп қабатлы саўда комплекси, сондай-ақ, автомашиналар ушын арнаўлы турар орны қурылыс жумыслары да көрип шығылды. Әмелге асырылып атырған жумысларды жеделлестириўде исбилерменге жақыннан жәрдем бериў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.
«Қусшылық» мәҳәллеси аймағында Халық банки балансындағы бос турған ыссыхана хожалығының жумысын қайта жолға қойыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслар да үйренилди. Район аймағындағы банк балансында болған обектлерди толық қуўатлықта пайдаланыўды жолға қойыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы мәҳәллелердеги машқалаларды анықлаў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери ҳәм нураныйлар менен ушырасыў өткерди. Буннан кейин район белсендилери, жуўапкер басшылар менен районды социаллық-економикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.









